Мәмлекетимизде мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери басқышпа-басқыш енгизилмекте. Онда Президентимиз тәрепинен усы жылы 5- сентябрьде қол қойылған «Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарар дастуриламал болмақта.

Атап айтқанда, ҳүжжетке муўапық, 2024-жыл 1-октябрьден Ташкент қаласы, Сырдәрья ўәлаяты ҳәм 2025-жыл 1-январьдан Қарақалпақстан Республикасында мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин әмелиятта қолланыў белгиленген.

Буның шеңберинде медицина шөлкемлериниң жумысындағы процесслерди өз ишине алатуғын басқа мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме системалары менен өз-ара интеграцияланатуғын «Электрон денсаўлықты сақлаў» мәлимлеме системасы жаратылып, иске қосылады. Солай етип, усы жылдың ақырына шекем наўқастың барлық медциналық мағлыўматлары тийкарында қәлиплестирилген ҳәм медицина орайларының өз-ара тығыз бирге ислесиўин тәмийинлейтуғын «Электрон поликлиника» ҳәм «Электрон емлеўхана» мәлимлеме системалары жолға қойылады.

Денсаўлықты сақлаў министрлигинде болып өткен мәжилисте мәмлекетимиз басшысының қарарында белгиленген усы бағдардағы тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўы сын көзқарастан талланды. Бул ҳаққында министрликтиң баспасөз хызмети хабар берди.

«Денсаўлықты сақлаў жойбарлары орайы» жойбар офиси директоры Элдар Одилов, Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасарлары Олим Омонов ҳәм Фарруҳ Шариповтың басшылығында өткен илажда аймақлық денсаўлықты сақлаў басқармалары баслықларының санластырыўға жуўапкер орынбасарлары, техник хызметкерлер ҳәм “UZINFOCOM” ЖШЖ ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, санлы технологияларды басланғыш буўынға шекем басқышпа-басқыш енгизиў ушын, биринши гезекте, бул орайларды локал тармақ ҳәм компьютер технологиялары, программа өнимлер ҳәм зәрүр үскенелер менен толық тәмийинлеў талап етиледи.

Буннан гөзленген тийкарғы мақсет- медицина хызметкерлерине артықша қыйыншылық туўдырмаў. Олардың таяр системадан аңсат ҳәм қолайлы пайдаланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратып бериў керек.

Мәжилисте Президентимиздиң қарары бойынша Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм Сырдәрья ўәлаятындағы мәмлекетлик медицина орайларының мәлимлеме-коммуникация үскенелери ҳәм тармақ қурылмалары менен тәмийинлениў жағдайы талланып, бул бағдарда Сырдәрья ўәлаятында ўазыйпалардың орынланыўы төмен екенлиги сынға алынды. Өз гезегинде, басланғыш медицина-санитариялық жәрдем орайлары ҳәм емлеўхана жумыслары барлық процесслерин қамтып алатуғын, сондай-ақ, мәмлекетлик стационар медицина орайлары тәрепинен қыстаўлы тез жәрдем көрсетилген пуқаралардың шахсын анықлаў имканиятын беретуғын мәлимлеме бағдарламаларын жаратыўға байланыслы жумыслар додаланып, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.

 

ӨзА