Өзбекстан Республикасы Жоқары суды баслығының орынбасары Шухрат Полвонов Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы  (ҒМДА) Атқарыў комитетиниң Сайлаўларды бақлаў бойынша миссиясы штабының баслығы Евгений Козяк ҳәм штаб ағзасы Марина Афонина менен ушырасты.

Сөйлесиў даўамында мийманларға мәмлекетимиз суд-хуқық системасында әмелге асырылып атырған реформалар бойынша толық мағлыўмат берилди.

Соның ишинде, тараўдың нызамышылық тийкарларын беккемлеў, суд системасының структурасын  түп-тийкарынан  жетилистириў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў, судлардың жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған илажлар атап өтилди.

Атап өтилгениндей, әмелге асырылып атырған реформалардың тийкарғы мақсети – суд ҳәкимиятиниң еркинлиги, пуқаралардың хуқықлары менен еркинликлериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў ҳәм әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыўдан ибарат.

Делегация ағзаларына мәмлекетимиз сайлаў нызамшылығы бойынша толық мәлимлеме берилди. Атап айтқанда, Сайлаў кодексинде белгиленген сайлаў комиссияларының қарарлары үстинен түскен шағымларды көрип шығыў тәртибине байланыслы мағлыўматлар  мийманларда айрықша қызығыўшылық оятты.

Нызамшылығымызда сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў тараўындағы  хуқықбузарлықлар ушын тийисли ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳәм сайлаў  шөлкемлестириў, оны өткериў хаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғаны, сайлаў хуқықының ямаса исенимли ўәкил ўәкилликлериниң әмелге асырылыўына  тосқынлық еткени  ушын жынайый жуўапкершилик белгиленгенлиги атап өтилди.

Ушырасыў шеңберинде тәреплерди қызықтырған басқа мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы