Партияның сайлаўларға таярлықлары жоқары баҳаланды

451

Елимизде болып өтетуғын парламент ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўларын бақлаў мақсетинде түрли халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт ел бақлаўшылары өз миссиясын баслап жиберген.

Өзбекстан «Адолат» СДП Сиясий Кеңеси баслығы Робахон Маҳмудова ҒМДА Бас хаткери орынбасары Денис Трефилов ҳәм ҒМДА Атқарыў комитети миссия штабы басшысы Евкений Козяк пенен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда Робахон Маҳмудова сырт ел бақлаўшыларына болажақ сайлаўларда мүнәсип қатнасыў мақсетинде партия тәрепинен әмелге асырылған жумыслар, соның ишинде, партияның 2025-2029-жылларға мөлшерленген Сайлаўалды бағдарламасы ҳәм Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслердиң депутатлығына талабанларды қәлиплестириў процесслери ҳаққында мағыўмат берди. Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта қызғын түрге енген сайлаўалды үгит-нәсиятлаў ўақтында партия ҳәм талабанлардың қатнасыўына тоқтап өтти.

Усы жылы биринши рет аралас сайлаў системасы тийкарында өткерилип атырған сайлаўларға партияның қызғын таярлықлар көрип атырғаны мийманлар тәрепинен жоқары баҳаланды. Сондай-ақ, делегация ўәкиллери сайлаўлар бойынша бақлап барыў тәртибине тоқтап, өзлерин қызықтырған сораўларға партия жетекшисинен жуўап алды.

Ушырасыў қызғын ҳәм конструктивлик руўхта өтти.

ӨзА