Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында усы жылдың 23-сентябрь күни қурылыс индустриясы ҳәм қурылыс материаллары тармағын раўажландырыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Бул мәжилис даўамында Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитетине берилген тапсырмаларға муўапық, қурылыс материаллары базарында жергиликли өним менен тойыныў дәрежеси төмен болған ҳәм импорт көлеми жоқарылығынша қалып атырған базарлар талланды.

Өткерилген үйрениўлер нәтийжесинде бир қанша жергиликли өнимге тойынбаған ҳәм исбилерменлер тәрепинен жаңа өндирис орынларын шөлкемлестириў имканиятлары бар базарлар анықланды. Соның ишинде, герметика, фанера, пуў қазанлары, колер (рең бериўши элементлер), гүлқағазлар, ПВА клейи, паркет панеллер, цемент ҳәм бетонлар ушын таяр қосымшалар.

Комитет бул үйрениўлерди даўам еттиреди. Жергиликли базарлардың тойынғаны ҳәм тойынбағаны бойынша Ҳүкимет ҳәм исбилерменлерге жергиликли өним менен тойынбаған қурылыс материаллары базарлары ҳәм жаңа өндирис орынларын шөлкемлестириў имканиятлары бойынша усыныслар киргизип барады.

Н.Раҳмонова, ӨзА