Өзбекстан ҳәм Малайзия: музыка көркем өнериндеги дослық еллерди бирлестиреди

Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм мәмлекетимиздиң Малайзиядағы елшиханасының басламасы менен Юнус Ражабий атындағы Өзбек миллий музыка көркем өнери институтының ректоры Элдор Шерманов басшылығындағы делегация Куалалумпур қаласында болып турыпты.
Делегация ағзалары усы мәмлекеттиң абырайлы, UCSI халықаралық университетинде ушырасыў өткерди.
Жоқары оқыў орны басшылығы менен шөлкемлестирилген халықаралық бирге ислесиў ушырасыўы ўақтында еки тәреп мәплерине тийкарланған бир қатар мәдений алмасыў бағдарламаларына, бирге ислесиў меморандумына қол қойыў режелери додаланды.

Сөйлесиў ўақтында шәртнамаға бола, келешекте тәреплер «халықаралық 1+1 магистрлик» бағдарламасы тийкарында кадрларды оқытыў, биргеликтеги бағдарлама бойынша 5 профессор – оқытыўшылардың 3 айға шекем стажировка өтеўи ҳәм 5 студенттиң 6 айлық алмасыў бағдарламасындағы қатнасыўы бийпул әмелге асырылады.

Сондай-ақ, еки халық музыка ҳәм көркем өнери атқарыўында биргеликтеги концерт илажларын өткериў, халықаралық грант жойбарларында қатнасыў, мақом, үлкен қосық, дәстаншылық ҳәм бақсышылық жолларын кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде курслар шөлкемлестириўге келисип алынды.

Илаж соңында Юнус Ражабий атындағы Өзбек миллий музыка көркем өнери институтының «Дәстан дөретиўшилиги» кафедрасының баслығы Зафар Ҳайитов тәрепинен өзбек халық бақсышылық көркем өнери термелеринен үлгилер атқарылды.
Мағлыўмат орнында қосымша етиў зәрүр: дүнья рейтингинде 256-орынды бәнт еткен UCSI университетинде бүгинги күнде 10 мың студент оқыйды. Малайзияда музыка көркем өнери бойынша рейтингинде биринши орында турады.
Беҳруз Худойберлиев,
ӨзА