Өзбекстан ҳәм Қубла Корея арасында ҳәр тәреплеме исбилерменлик қатнасықлары орнатылып бирге ислесиў имканиятлары кеңеймекте. Соның ишинде, туризм бағдарындағы кең көлемдеги илажлар өз нәтийжесин берип келмекте.
Сеулде «road show» илажлары шеңбериндеги Өзбекстан – Корея туризм форумы өткерилди. Форумда Туризм комитетиниң баслығы Умид Шодиев ҳәм Өзбекстанның Қубла Кореядағы елшиси Әлийшер Абдусаламов қатнасты. Форум жумысында еки мәмлекеттиң 100 ден аслам туризм ўәкиллери қатнасты, делинеди Туризм комитетиниң мағлыўматында.
Илаждан гөзленген тийкарғы мақсет, Өзбекстанның бай туристлик потенциалы ҳәм мәдений мийрасын үгит-нәсиятлаў, туристлик компаниялар арасында бирге ислесиўди жолға қойыў. Өзбекстанлы туроператорлар өз өнимлери ҳәм сийрек ушырасатуғын бағдарлары ҳаққында мағлыўмат берип, Өзбекстанның кореялы туристлер ушын гөззалығын көрсетти.
Еки мәмлекеттиң туристлик компаниялары арасында туристлерди жибериў бойынша шәртнамаларға қол қойылған B2B ушырасыўлары форумның әҳмийетли бөлими болды.
Илаж жуўмағында қатнасыўшылар өзбек халық аўыз-еки дөретиўшилиги менен жақыннан танысып, миллий тағамларынан татып көрди.
Марҳабо Ҳожиакбарова, ӨзА