АҚШтың Нью-Йорк қаласында БМШ Бас Ассамблеясының 79-жыллық сессиясы шеңберинде «С5+1» регионаллық дипломатиялық платформасы қәўендерлигинде Өзбекстан, Қазақстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Қырғыз Республикасы сыртқы ислер министрлери ҳәм АҚШ Мәмлекетлик хаткери арасында ушырасыў болып өтти.
Онда мәмлекетимиз сыртқы сиясат уйымының басшысы Бахтиёр Саидов экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў, турақлы раўажланыўды қоллап-қуўатлаў, транспорт-логистиканың өз-ара байланыслылығын беккемлеў, регионда тынышлық ҳәм абаданлыққа жәрдемлесиў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлерге айрықша итибар қаратты.
Өз гезегинде, АҚШ Мәмлекетлик хаткери Энтони Блинкен 2023-жыл 19-сентябрьде болып өткен «С5+1» мәмлекет басшыларының биринши саммитиниң жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлерди ҳәм Нью-Йорк декларациясын нәтийжели әмелге асырыўға садықлығын билдирип, минерал ресурслар бойынша «С5+1» сөйлесиўиниң АҚШ ҳәм Орайлық Азия бизнес бирге ислесиўин қоллап-қуўатлаў бойынша биринши «В5+1» форумы ҳәм майыплық ҳуқықлары бойынша «С5+1» арнаўлы сессиясының өткерилип атырғанын алғыслады.
Қатнасыўшылар терроризм, экстремизм, наркотрафика, трансмиллий кибержынаятшылыққа ҳәм радикалласыўға қарсы гүресиў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлерди және де жеделлестириў ҳәм муўапықластырыў зәрүр екенлигине келисип алды.
2025-жылы қатнасыўшы мәмлекетлер «С5+1» форматы шеңбериндеги табыслы бирге ислесиўдиң он жыллығын белгилейди. Усы мүнәсибет пенен тәреплер регион мәмлекетлери ҳәм АҚШтың глобал мәселелерге регионаллық шешимлерди излеўди даўам еттириў, сондай-ақ, «С5+1» дипломатиялық платформасы шеңберинде бирге ислесиўди тереңлестириў тилегин қоллап-қуўатлады.
ӨзА