Надурыс аўқатланыў дүнья балалары саламатлығы менен байланыслы ең қыйын машқала сыпатында климат өзгериўи ақыбетин және де төменлетеди, дейди “Microsoft”тың тийкарын салыўшысы Билл Гейтс.

Билл ҳәм Мелинда Гейтс қоры өткен ҳәптеде жәриялаған есабатта 2050-жылға шекемги дәўирде климат өзгериўи нәтийжесинде тойып аўқатланбаўдың айрықша түри симптомы пайда болады. Яғный, 40 миллион бала бойдың өсиўинде кешигиўди бастан өткереди, 28 миллион ул-қыз ысырапгершиликтен азап шегеди.

– Егер дурыс аўқатланыўға, ҳәмиле жатырда жетилисиўинен баслап, нәресте туўылғаннан кейинги дәслепки жыллары әмел етилмесе, пайда болатуғын бир қатар нуқсанлар ды сапластырыў қыйын болады, – дейди Гейтс баланың физикалық ҳәм руўхый жағдайына итибар қаратып. – Жақсы аўқатланбаў қәбилеттиң раўажланыўына тосқынлық етеди. Дурыс тутыныўға әмел етпеген балалар қызамық, безгек сыяқлы кеселликлерге, ерте өлимге көбирек бейим болады. Климат өзгериўи унамсыз тәсириниң дерлик 90 проценти азық-аўқат системасының бузылыўы менен пайда болады.

Январь айында Гейтс қоры быйыл глобал денсаўлықты сақлаўға ҳәр қашанғыдан көбирек – 6,8 миллиард доллар сарыплаўды режелестирилгени айтылды. Соңғы ўақытта кең көлемли қаржыландырыў ҳәрекети тоқтап қалған еди.

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң есап-санағына бола, 2023-жылы 148 миллион балада бойдың өсиўи төменлеген, 45 миллион ул-қыздың салмағы нормадан әдеўир аз екени бақланған.

Муҳаррама Пирматова таярлады. ӨзА