Күни кеше Өзбекстан Республикасы экономика ҳәм қаржы министриниң биринши орынбасары Илҳом Норқулов ҳәм Жәҳән банкиниң Европа ҳәм Орайлық Азияда макроэкономика, саўда ҳәм инвестициялар бойынша әмелият менеджри Антонио Нусифораның басшылығындағы делегация ўәкиллери арасында ушырасыў болып өтти.
Сөйлесиў ўақтында мәмлекетимиздеги макроэкономикалық тенденциялар, жоқары пәтте экономикалық өсиў ҳәм макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў мәселелери ҳаққында сөз болды.
Онда киши ҳәм орта исбилерменликти раўажландырыўды және де қоллап-қуўатлаў, турақлы жумыс орынларын жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў, салық басқарыўы тараўын қәлиплестириў бул бағдарда әҳмийетли фактор екенлиги атап өтилди.
Онда аймақларды экономикалық жақтан ҳәр тәреплеме раўажландырыў мақсетинде қәлиплестирилип атырған мастер-режелер, хызметлер тараўын қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, мәлимлеме технологиялары ҳәм туризм тараўларын раўажландырыў сыяқлы мәселелер де экономиканың раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе.
Ушырасыў жуўмағында усы тараўларда бирге ислесиў байланысларын беккемлеў, өз-ара пикир алысыў ҳәм додалаўлар процесслерин көбейтиў бойынша келисип алды.
ӨзА