Мәмлекетимизде жаслар арасындағы жынаятшылық көрсеткишлери алдынғы жылларға қарағанда азайып атырған болса да, әйне нәшебентлик, психотроп затлардың нызамсыз айланысы менен байланыслы жағдайлар көбейип атырғаны, усы унамсыз иллеттиң тарқалыўы жасарып атырған жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм ҳәр бир ата-ана ушын оғада машқалалы жағдай болып қалмақта.

Усы машқалаларды ҳәр тәреплеме додалаў, бундай унамсыз жағдайларды сапластырыў, бул бойынша жәмийетшилик ўәкиллери, жаслар ҳәм қәнигелердиң пикир-усынысларын тыңлаў мақсетинде Жаслар ислери агентлигинде Жаслар пресс-клубының гезектеги арнаўлы саны шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Жоқары судының мағлыўматларына бола, өткен 2023-жылы наркотик затлардың нызамсыз айланысы менен байланыслы 5 мың 519 жынаят иси көрип шығылған болса, оларда 6 мың 264 пуқара жынайый жуўапкершиликке тартылған. Сонын, 1 мың 758 ин (28 процент) жаслар қураған ҳәм бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда 18,3 процентке көбейген.

Жаслар пресс-клубында жаслар арасында түрли нәшебентлик ҳәм психотроп затлардың нызамсыз айланысы себеплери менен факторлары, нәшебентлик ҳәм психотроп затлардың айланысына шек қойыўды нәзерде тутатуғын нызамшылықтағы  реформалар, жаслар, әсиресе, жас өспиримлер арасында нәшебентлик ҳәм психотроп затлар тарқалыўының алдын алыў бойынша алып барылып атырған илажлар ҳәм перспективадағы режелер тараў қәнигнелери ҳәм қатнасыўшылары тәрепинен кеңнен талланды.

Бул бағдарда жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға тараў қәнигелеринен керекли жуўап алды.

Гулноза Бобоева,

Нишонбой Абдувоитов (видео), ӨзА