Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар ҳәм Әзербайжан Республикасы Медианы раўажландырыў агентликлери менен биргеликте «Санлы әсирде ҳақыйқатты излеп: дезинформацияға қарсы гүресиў» I Өзбекстан – Әзербайжан медиа-форумының ашылыў мәресими болып өтти.

МҒКА директоры А.Хўжаев медиа форум қатнасыўшыларын қутлықлап,  бул илаж Өзбекстан ҳәм Әзербайжан мәмлекетлериниң мәлимлеме ҳәм медиа тараўында әмелге асырып атырған бир қатар бағдарламаларының көлемин кеңейтиўде үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

– Кейинги жыллары Өзбекстан ҳәм Әзербайжан медиа тараўында бирге ислесиўди басқышпа-басқыш беккемлеп бармақта,-деди МҒКА директоры А.Хўжаев. – Медиа тараўындағы жол картасы еки мәмлекеттиң бул тармақта анық бағдарларын белгилеп берди.

Атап өтилгениндей, дезинформацияға қарсы гүрес дүньяда геосиясий тартыслар күшейген бир ўақытта ең әҳмийетли мәселе болып есапланады.

Ҳәзирги күнде мәмлекетлердиң қарама-қарсылықлары күн сайын мәлимлеме тараўына тәсир етпекте, фейк жаңалықлар саны артпақта, дезинформация кампаниялары алып барылмақта. Соның менен бирге пүткил дүньяда жасалма интеллект ҳәм белгили шахслардың өтирик видеоларын жаратыўда қолланылатуғын дипфейк технологиясының раўажланыўы дезинформация және де жедел тарқалыўына ҳәм адамлардың алжасыўына алып келип атырған қәўетери артып бармақта.

Бундай шараятта мәмлекетлеримиз мәлимлеме тараўындағы қәўип-қәтерлерге қарсы турыў бағдарында улыўмалық қатнасларды анықлаўы ҳәм ҳәрекетлерди бирлестириўи керек екенлиги әнжуманда айрықша атап өтилди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен ҳәр қыйлы глобал дәрежедеги илажларда, халықаралық шөлкемлердиң мәжилислеринде Орайлық Азия мәмлекетлериниң аўызбиршилиги, тынышлығын беккемлеў, регионда экономикалық, социаллық раўажланыўдың  перспективалы режелерин биргеликте ислеп шығыў ҳәм оларды әмелге асырыў, қоңсышылық қатнасықларын жақсылаў, соның ишинде, Аўғанстанға гуманитарлық жәрдем бериўде күшлерди бирлестириў бойынша көплеген алдыңғы пикир-усыныслар алға қойылған.

Бул Өзбекстанның сыртқы сиясатқа байланыслы бийғәрез, әдил ҳәм тынышлықты сүйиўши сиясатының белгиси десек қәте болмайды.

Бирақ, мәмлекетимиздиң бул реформалары барлық ўақытта да сырт еллер тәрепинен «жыллы» күтип алынбайды. Өзбекстан тәрепинен шын адамгершилик идеялары ҳәм принципи тийкарындағы умтылыслары айырым сырт ел мәлимлеме ресурсларында тийкарсыз, өтирик ҳәм дезинформациялар менен талқыланыў жағдайларының ушырасып атырғаны сыр емес.

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан мәмлекетлериниң мәлимлеме сиясаты тараўында ўәкилликли уйым сыпатында МҒКА ҳәм Әзербайжан Медианы раўажландырыў агентлиги мәмлекетлердиң сиясий ҳәм экономикалық дәрежеге тәсир етиўши дезинформацияға қарсы гүресте ҳәрекетлерди бирлестириўи оғада әҳмийетли болып есапланады.

Форумның ашылыўында Өзбекстан Республикасы Президенти баспасөз хаткери Ш.Асадов, Әзербайжан Республикасы Медианы раўажландырыў агентлиги А.Исмаилов, Олий Мажлис Сенатының Мәлимлеме сиясаты ҳәм мәмлекетлик уйымларда ашық-айдынлықты тәмийинлеў мәселелери комитетинде турақлы тийкарда ислеўши сенатор М.Парпиев, Әзербайжан Республикасы Президенти Администрациясы ННТ ҳәм коммуниция менен ислесиў секторы басшысы К.Гасанов, Әзербайжан Республикасының Өзбекстандағы елшиси Г.Гулиев бул форум ҳәм еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўдиң әҳмийети, мәлимлеме әсиринде дезинформацияға қарсы гүресиўдиң заманға сәйкес илажлары, нызамшылықта бул мәселелердиң сәўлелениўи бойынша ҳәр тәреплеме сөз етти.

Медиа форум сессияларда өз жумысын даўам еттирмекте. Медиа форум 3 сессиядан қуралған болып, 1-сессияда «Дезинформацияға қарсы гүресте ең жақсы халықаралық әмелиятлар» темасында өзбекстанлы ҳәм әзербайжанлы мәлимлеме тараўының жуўапкерлери ҳәм ҒХҚ басшылығы өз мәмлекетлериниң тәжирийбеси тийкарында баянат жасап атырғанын айтыў керек. «Өзбекстан ҳәм Әзербайжанда халықтың медиа-саўатлылығын арттырыўда мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес медиа-шөлкемлердиң роли» темасындағы екинши сессияда бул бағдарда әмелге асырылып атырған жойбарлар, медиа-бағдарламалар, биргеликтеги жол карталары ҳәм илажлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Үшинши сессия «Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасында ғалаба хабар қураллары тараўында бирге ислесиўди беккемлеў»ге бағышланған болып, онда ҳәзирги күнге шекем бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында ҳәм ендигиден былай режелестирилип атырған ҳәрекетлер ҳаққында пикир-усыныслар, басламалар билдирилди.

Н.Усмонова, ӨзАның хабаршысы