Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы қатнасықлар кең көлемли стратегиялық шерикликтиң жаңа басқышына көтерилди. Онда транспорт мәселеси жетекши орынлардан бирин ийелеп келмекте.

Турақлы транспорт бойынша Глобал форум алдында Өзбекстан Республикасы транспорт министри Илҳом Маҳкамов ҳәм Қытай Халық Республикасы транспорт министри Ли Сяопен арасында Пекин қаласында сөйлесиўлер болып өтти.

Онда тәреплер өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў ушын биргеликте шешилиўи зәрүр болған бир қатар әҳмийетли мәселелерге тоқтап өтти, делинеди Өзбекстан Республикасы транспорт министрлигиниң мағлыўматында.

Атап айтқанда, Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан темир жолы қурылысын рәсмий түрде баслаў мәресимин өткериў, халықаралық автомобиль тасыўлары ҳаққындағы жаңа келисимге қол қойыў сыяқлы темалар ортаға тасланды. Буннан тысқары, миллий тасыўшылар ушын да рухсатнама бланкалары алмасыўдың рәсмий квотасын арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

А.Рустамов, ӨзА