Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Атамалар комиссиясының жумысын және де жетилистириў илажлары ҳаққында» қарар қабыллады.

Оған муўапық, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Атамалар комиссиясы қурамы тастыйықланды. Комиссияның тийкарғы ўазыйпалары:

илимий тийкарланған жаңа сөз ҳәм атамаларды рәсмий айланысқа киргизиў;

өзбек тилине киргизилип атырған жаңа атамаларды нызамшылық ҳүжжетлерине енгизиў ҳәм әмелде қолланыўдың ҳуқықый машқалаларын үйрениў, бул тараўдағы қатнасықларды ҳуқықый тәртипке салыўдың раўажланыў бағдарларын анықлаў;

нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларында атамалардың нызамшылық ҳүжжетлеринде  қабыл етилген мәнисине муўапық бирдей түрде ҳәм дурыс қолланылыўын тәмийинлеў илажларын көриў;

жаңа сөз ҳәм атамаларды қолланыў тараўында басқа тиллердиң қағыйдалары себепли келип шығыўы мүмкин болған сәйкес келмеўшиликлерди сапластырыў илажларын көриў;

республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларына атаматаныў мәселелери бойынша көрсетпелер бериў;

республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери орайлық аппаратларында жәмийетшилик тийкарында жумыс алып барыўшы Атамалар бойынша жумысшы топарлардың жумысын муўапықластырыўдан ибарат болады.

Илимлер академиясының Өзбек тили, әдебияты ҳәм фольклоры институты Атамалар комиссиясының жумысшы уйымы болып есапланады.

Жумысшы уйымның тийкарғы ўазыйпалары етип төменлегилер белгиленди:

усыныс етилген жаңа сөз ҳәм атамаларды илимий жақтан үйрениў;

жаңа сөз ҳәм атамалар бойынша усынысларды экспертизадан өткериў;

экспертизадан өткерилген жаңа сөз ҳәм атамаларды жәмийетшиликке додалаў ушын жәриялаў;

жәмийетшилик додалаўында билдирилген пикир-усынысларды Илимлер академиясының Өзбек тили, әдебияты ҳәм фольклоры институты Илимий кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде тийисли тараў қәнигелериниң қатнасыўында көрип шығыў ҳәм жаңа сөз ҳәм атамалар бойынша усынысларды Атамалар комиссиясына киргизип барыў;

Атамалар комиссиясы тәрепинен тастыйықланған жаңа сөз ҳәм атамаларды жәмийетшиликке жәриялаў бойынша илажларды әмелге асырыў.

Усы қарар менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Атамалар комиссиясы ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Режеде:

Атамалар комиссиясының тийкарғы ўазыйпалары, ҳуқықлары менен миннетлемелери;

Атамалар комиссиясының баслығы ҳәм оның орынбасарлары, ағзалары ҳәм хаткериниң ўазыйпалары;

Жумысшы уйым ҳәм Атамалар бойынша жумысшы топарлар жумысын шөлкемлестириў тәртиби белгилеп берилген.

Республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери орайлық аппаратларында жәмийетшилик тийкарында жумыс алып барып атырған Атамалар бойынша жумысшы топарлар шөлкемлестирилген.

Жумысшы топарлардың тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат:

жәмийеттиң раўажланыўы, илим жетискенликлери нәтийжесинде тийисли тараўларда пайда болып атырған жаңа сөз ҳәм атамаларды изертлеў, олардың өзбек тилине тән альтернативлерин табыў ҳәм оларды бирдей қолланыў бойынша усыныслар ислеп шығыў ҳәм Атамалар комиссиясына киргизиў;

тийисли республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери тәрепинен ислеп шығылып атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларында сөз ҳәм атамалардың дурыс қолланылыўын тәмийинлеў;

тийисли республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларында мәмлекетлик тилде жумыс алып барыў менен байланыслы пайда болатуғын машқалаларды үйрениў ҳәм шешиў илажларын;

тараў қәнигелери, илимпазлар, изертлеўшилерди тартқан ҳалда, тараўлық түсиндирме ҳәм имла сөзликлерин таярлаў ҳәм басып шығарыў.

ӨзА