23-сентябрь күни «Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың турмыс абаданлығын арттырыў бойынша илажларды жаңа басқышқа алып шығыў ҳаққында»ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға бола, 2024-жылдың қалған дәўиринде 500 мың, 2025-жылда 1 миллион халықты кәмбағаллықтан шығарыў мәмлекеттиң социаллық-экономикалық сиясатының ҳәм барлық дәрежедеги мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң биринши дәрежели ўазыйпасы етип белгиленди.
Кәмбағаллықты қысқартыў тараўында ерисилген унамлы нәтийжелер ҳәм топланған миллий тәжирийбе ҳәм алдыңғы халықаралық әмелият тийкарында ҳәр бир пуқараны өзи ҳәм перзентлериниң келешеги ушын жуўапкершилик пенен қатнас жасаўға ҳәм потенциалын жүзеге шығарыў ушын имканият жаратыўға қаратылған «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы әмелге асырылады ҳәм бағдарламаны әмелге асырыў бойынша республикалық комиссия шөлкемлестириледи.
Бағдарлама 2024-жыл 1- ноябрьден төмендегилерди нәзерде тутыўшы «Кәмбағал шаңарақлар ушын жети имканият ҳәм жуўапкершилик» принциплери тийкарында әмелге асырылады:
-турақлы бәнтлик ҳәм жоқары дәрамат табыўға ерисиў;
-билим алыў ҳәм кәсип-өнер үйрениў;
-кепилленген мәмлекетлик медициналық хызметтен пайдаланыў;
-социаллық хызметлерден пайдаланыў;
-жасаў шараятларын жақсылаў;
-мәмлекет тәрепинен мәҳәллелердиң инфраструктурасын раўажландырыў;
-мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери менен тиккелей сөйлесиў.
Пәрманға муўапық, 2024-жыл 1-декабрьден «мәҳәлле жетилиги»тәрепинен кәмбағал шаңарақлардың социаллық шараяты ҳәм кәмбағаллыққа түсиў себеплерин үйрениў нәтийжесинде Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен Кәмбағал шаңарақлар реестри қәлиплестириледи.
2025-жыл 1-январьдан:
-кем тәмийинленген шаңарақлардың балалары ушын напақа ҳәм материаллық жәрдем алып атырған шаңарақлардың рәсмий бәнт болмаған ағзалары жумысқа жайласқанда, өзин-өзи бәнт еткенде, исбилерменлик жумысын жолға қойғанда усы напақа ҳәм материаллық жәрдемди олардың мүддети тамамланға шекем, бирақ 6 айдан көп болмаған мүддетке төлеў даўам еттириледи;
– мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 1,5 есесинен кем болмаған айлық мийнет ҳақы төленген ҳалда жумысқа жайласқан Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақ ағзасы ушын социаллық салық үш жыл даўамында 1 процент ставкада төленеди;
-кәмбағал шаңарақларға жәрдем илажлары жәмийетлик шәртнама тийкарында мийнетке жарамлы шаңарақ ағзаларының бәнтлигин тәмийинлеў, өзиниң қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыў (егин егиў), шаңарақ ағзалары, соның ишинде, перзентлериниң билим алыўы, кәсип-өнер ҳәм шет тиллерин үйрениўи ҳәм саламатлығын қадағалаўға алыўы, турақ жайын таза тутыўы сыяқлы шәртлер инабатқа алынған ҳалда көрсетиледи.
ӨзА