БАӘ менен Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарлары додаланды

Өзбекстан Республикасының Бирлескен Араб әмирликлериндеги елшиханасы ҳәм Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң басламасы менен бир қатар министрлик, уйымлар ўәкиллеринен ибарат мәмлекетимиз делегациясының Абу Даби ҳәм Дубай қалаларына сапары шөлкемлестирилди.
Сапардан гөзленген мақсет елимизде әмелге асырылып атырған Мәмлекетлик-жеке меншик шериклие жойбарларын көбейтиў, меншиклестириў процесине бирге ислесиўиши мәмлекет инвесторларын тартыў ушын «Роад шоу» илажларын шөлкемлестириўден ибарат.

Сапар даўамында БАӘниң “Al Ghurair investment”, “RKH investment holdings”, “AlNowais investments”, “MBS Global” сыяқлы ири жеке меншик компаниялары, ADQ, ADFD, “Mubadala investment company” сыяқлы суверен қорлары менен 20 ға шамалас сөйлесиў өткерилди.
Ушырасыўларда әҳмийетли тармақларда Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында улыўма баҳасы 30 миллиард доллардан аслам 63 жойбар да меншиклестириў усыныс етилген 21 объект презентациясы көрсетилди.

Өзбекстанда инвестиция орталығын жаратыў, салық жүгин азайтыў, бажыхана төлемин жеңиллестириў ҳәм инвестордың ҳуқықын нызам менен қорғаўға қаратылған реформалардың әмелий тәрепи атап өтилди.
Әмелдеги басламалардың орынланыўын жеделлестириў мақсетинде БАӘ энергетика ҳәм инфраструктура министри, Инвестициялар министрлигиниң басшылары, Абу-даби ҳәм Дубай Саўда-санаат палаталары, энергетика ҳәм ишимлик суўы тәмийнаты компанияларының басшылары менен сәўбет шөлкемлестирилди.

Сапар жуўмағында БАӘ компаниялары энергетика, шығындыны қайта ислеў, билимлендириў, коммуналлық хожалық, ишимлик суўы тәмийнаты, денсаўлықты сақлаў ҳәм аэропортларды басқарыў объектлерин меншиклестириў бағдарламасы ҳәм МЖМШ жойбарларында қатнасыўға қызығыўшылық билдирип, сөйлесиўлерди избе-из даўам етиўге келисип алыды.
ӨзА