21-25-сентябрь күнлери Қытайдың Сиан қаласында «Жипек жолы» халықаралық кинофестивалы болып өтпекте.

Бул  ағартыўшылық жойбар «Бир мәкан – бир жол» басламасының мәдений региондағы әҳмийетли көриниси есапланады.

Фестиваль 2014-жыл сентябрь айында биринши мәрте Қытай ҳүкиметиниң басламасы менен шөлкемлестирилген.

Бул фестиваль ҳәр жылы Сиан ҳәм Фучжоу қалаларының биринде өткерилетуғынын атап өтиў керек. Оның бағдарламасына ашылыў ҳәм жабылыў, сыйлықлаў мәресимлери, фильмлердиң көрсетилиўи, кинофорумлар, шеберлик сабақлары сыяқлы илажлар киреди.

«Жипек жолы» халықаралық кинофестивалы Сиан қаласында бес мәрте табыслы өткерилип, оған 50 ден аслам мәмлекеттен көплеген белгили шахслар ҳәм 6 мыңнан аслам кино тараўының қәнинелери тартылған.

Атақлы мийманлар арасында дүнья  кинематографиясының белгили жулдызлары бар екенлиги дыққатқа ылайық.

Фестиваль кино өнерине Жипек жолы мәмлекетлери ҳәм регионлдарды байланыстыратуғын мәдений көпир жаратыў, мәдений алмасыў ҳәм бирге ислесиўди хошаметлеў, қатнасықларды беккемлеў және «Бир мәкан – бир жол» басламасы шеңбериндеги бирге ислесиўге үлес қосыўы менен әҳмийетли болып есапланады.

Өзбекстан да быйылғы фестивальға мийман сыпатында мирәт етилди. Усы кинофестиваль шеңберинде елимиз киношыларының қатнасыўында Өзбек киносы күнлери  өткериледи.

Усы илаж даўамында «Өзбек қызы», «101-рейс», «Баҳодир Ялангўш», «House», «Аспандағы балалар-3», «Екшемби», «Пуанкаре», «Ким деп айтайын сени» сыяқлы көркем фильмлер көрсетиледи.

Илаж шеңберинде «Фархад ҳәм Шийрин», «Мени күт» биргеликтеги жойбарларын жаратыў бойынша бирге ислесиў ушырасыўлары да өткерилиўи күтилмекте.

Қалаберди, бирге ислесиў бойынша меморандумларға қол қойылыўы режелестирилген.

Н.Усмонова, ӨзА