Иран исбилерменлер делегациясы Өзбекстанда

Иран Саўда-санаат, таў-кән ҳәм аўыл хожалығы палатасы президенти Самад Ҳасанзода басшылығындағы исбилермен топары ўәкиллери мәмлекетимизге келди.

22-сентябрьге шекем даўам ететуғын сапар шеңберинде мийманлар бир қатар шөлкемлерде ушырасыў өткериўи режелестирилген. Бағдарламаға муўапық, дәслеп Өзбекстан Саўда-санаат палатасында шөлкемлестирилген илажда палата баслығы Даврон Ваҳобов, мәмлекетимиздиң Иран Ислам Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ф.Насриев, Иран тәрепинен делегация басшысы, сондай-ақ, Елши М.Искандарий қатнасты.

Еки мәмлекеттиң экономикалық бирге ислесиўин раўажландырыўға қаратылған мәжилис тоқымашылық, қурылыс материаллары, аўыл хожалығы, фармацевтика, денсаўлықты сақлаў сыяқлы әҳмийетли тараўларда жумыс алып баратуғын Иран кәрханалары ўәкиллери менен ашық, нәтийжели сөйлесиў тәризинде даўам етти.












– Өзбекстан керамика тараўы раўажланып атырған мәмлекетлер қатарына киреди, – деди Д.Ваҳобов. – Солай екен, усы бағдарда бирге ислесип, жаңа жойбарларды жедел әмелге асырыў мақсетке муўапық. Бүгинги геосиясий жағдайға қарамастан, мәмлекетлеримиз арасында саўда байланысы раўажланып бармақта, статистика унамлы өсиў тенденциясын көрсетпекте. Дипломатларымыз бул ушырасыўда қатнасып, палаталарымыздың жумысын қоллап-қуўатлап атырғаны исбилерменлерди оғада қуўандырды. Металл, автомобиль санааты сыяқлы тараўларда өз-ара толық иске қосылмаған потенциал жоқары екенин атап өтиў керек.

Сәўбет даўамында саўда ҳәм товар алмасыў муғдарын арттырыў, экспорт ҳәм импортта ушырасатуғын машқалаларды шешиў жоллары көрип шығылды.

– Ушырасыўда саўда-экономикалық байланысты және де раўажландырыў имканиятын талладық, – деди С.Ҳасанзода ӨзАның хабаршысына. – Мәмлекетлеримизде товар алмасыў муғдарын 500 миллион доллардан 1 миллиард долларға жеткериў ушын жетерли потенцил бар. Бул өз-ара ис-ҳәрекет пенен әмелге асырыўға болатуғын ўазыйпа, деп ойлайман.

Әнжуманда 19-20-сентябрь күнлери Ташкент қаласы ҳәм Хорезм ўәлаятында өткерилетуғын Өзбекстан – Иран биргеликтеги бизнес форумы мәселеси де додаланды.

Беҳруз Худойбердиев,

Аслиддин Алижонов (сүўрет), ӨзА