Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен Әдиллик министрлиги ҳәм Ҳуқық қорғаў академиясы менен биргеликте мәплер соқлығысыўы менен байланыслы қатнасықларды тәртипке салыў бойынша методикалық қолланбалар жаратылды.
Усы бағдардағы ең әҳмийетли мәселелерди қамтып алған методикалық қолланбалар мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерге электрон түрде жеткерилди.
Атап айтқанда, мәмлекетлик хызметте жүзеге келетуғын мәплер соқлығысыўы жағдайлары, оларды сапластырыў илажлары бойынша миллий нызамшылық ҳәм халықаралық стандартларға тийкарланған методикалық қолланба мәплер соқлығысыўын басқарыўдың улыўма қағыйдалары, мәплер соқлығысыўын басқарыўдың тәртип-қағыйдалары, мәплер соқлығысыўын тәртипке салыў бойынша электрон жәрдемши болып есапланады.
Мәплер соқлығысыўын тәртипке салыў бойынша методикалық усыныслар мәплер соқлығысыўы жағдайлары ҳәм оларды сапластырыў илажларына байланыслы 49 машқалалы сораў ҳәм жағдайларды өз ишине алады.
Сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлери жумыс столында еслетпе сыпатында пайдаланыў ушын мәплер соқлығысыўы менен байланыслы жағдайлар ҳәм бундай жағдайларда көрилетуғын илажлар бойынша иллюстративлик тарқатпа материаллар да таярланды.
Бул материаллар мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде мәплер соқлығысыўы менен байланыслы қатнасықларды тәртипке салыўға жуўапкер болған структуралық бөлимлер (коррупцияға қарсы ишки қадағалаў яки кадрлар бөлимлери), сондай-ақ, Әдеп-икрамлылық комиссиялары жумысында методикалық жәрдем болып хызмет етеди.
Н.Абдураимова, ӨзА