Орайлық банкте АҚШ Трансмиллий изертлеў корпорациясы ҳәм инвестиция компаниялары ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда Өзбекстандағы макроэкономикалық жағдай ҳәм прогнозлар, пул-кредит сиясатын алып барыў ҳәм инфляцияны төменлетиў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар, сыртқы сектор көрсеткишлери ҳәм банк-қаржы системасындағы соңғы өзгерислер додаланды.

Инвестиция компаниялары ўәкиллери мәмлекетлик баҳалы қағазлар базарына қызығыўшылық билдирип, оларға ишки базардан мәмлекет облигацияларын сатып алыўдың әмелдеги механизмин ҳәм инфрастркутураны жетилистириў бойынша келешектеги режелер бойынша толық мағлыўмат берди. Ушырасыў жуўмақлары бойынша тәреплер турақлы қарым-қатнасты шөлкемлестириўге таяр екенин билдирди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, АҚШ Трансмиллий изертлеў корпорациясы 1982-жылы шөлкемлестирилген болып, дүнья базарының кең шеңберлеринде макроэкономикалық ҳәм сиясий изертлеўлер алып баратуғын портфель менеджерлерин бериўге қәнигелескен консалтинг компаниясы болып есапланады.

Ш.Маматуропова, ӨзА