Хийўада шөлкемлестирилген Орайлық Азия парламентлери екинши форумында региондағы парламентлер басшылары ҳәм ағзалары белсене қатнасты.
Форум даўамында регионда жақын қоңсышылық, бирге ислесиўдиң ҳәр тәреплеме беккемленип баратырғаны раўажланыўға, халықларымыздың тынышлығы ҳәм абаданлығына хызмет ететуғыны атап өтилди.
Форумда шығып сөйлеген Тәжикстан Республикасы Мажлиси Оли Мажлиси намоёндагон баслығы Махмадтоир Зокирзода жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген форум ушын өз миннетдаршылығын билдирди. Тәжикстан Президенти Имомали Раҳмонның Орайлық Азиядағы өз-ара бирге ислесиў таңлаў емес, ал объектив зәрүрлик екени ҳаққындағы пикирин келтирди.
Өз гезегинде, региондағы бирге ислесиўдиң раўажланыўы мәмлекет басшыларының өз-ара сиясий ерк-ықрарының нәтийжесинде әмелге аспақта.
Тәжикстан парламенти нызамшылық уйымлары арасында барлық бағдарларда бирге ислесиўди және де кеңейтиўге таяр екени атап өтилди.
Әсиресе, Тәжикстан ушын суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, энергетика, климат өзгериўине қарсы гүресиў сыяқлы бағдарларда бирге ислесиўди күшейтиў үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Н.Абдураимова, Б.Саидов (сүўрет), ӨзА