Олий Мәжлис Нызамшылық палатасының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети баслығы Еркин Салихов ҳәм бир топар депутатлардың Индонезия Репсубликасы Халық ўәкиллери палатасының Парламентлераралық бирге ислесиў комитети баслығының орынбасары Путу Супадма Рудана басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда мийманларға мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, жаңа редакциядағы Конституция нормаларын әмелге асырыў бағдарындағы ис-ҳәрекетлер ҳәм Нызамшылық палатасы, фракциялар ҳәм комитетлер жумысының тийкарғы бағдарлары ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.

Өз гезегинде, Путу Супадма Рудана Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен алып барылып атырған тең салмақлы, ашық ҳәм конструктивлик сыртқы сиясат халықаралық жәмийетшилик тәрепинен жоқары баҳаланып атырғанын айрықша атап өтти.

Сондай-ақ, еки тәреплеме байланысларды раўажландырыўда әҳмийетли фактор болған парламентлераралық бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм беккемлеў, усы бағдардағы байланысларды көбейтиў ҳәр тәреплеме пайдалы екенин атап өтти.

Сөйлесиў даўамында мәмлекетлеримиз арасында сиясий ҳәм экономикалық тараўдағы сөйлесиўлердиң жеделлескени унамлы баҳаланып, инвестиция ҳәм саўда тараўларындағы бирге ислесиўди беккемлеў, мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Конструктивлик ҳәм өз-ара исеним руўхында өткен ушырасыўда парламентлераралық байланысты түрли дәрежеде жеделлестириў, туристлик потенциал ҳәм имканиятларды жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм оны жаңа мазмун менен байытыў бойынша сөз етилди.

М.Комилова, ӨзА