Жақында Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институтының қәнигелери ҳәм Германия халықаралық бирге ислесиў шөлкеми тәрепинен тартылған сырт ел экспертлери Хорезм ўәлаятының Хийўа ҳәм Хазарасп районларында болды.

Онда экспертлер усы аймақларда жумыс алып барып атырған мәмлекетлик шөлкемлердиң хызметкерлери ҳәм жергиликли исбилерменлер менен мәмлекетлик-жеке меншик сектор сөйлесиўин өткерди.

Сөйлесиўде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 8-июльдағы «Аймақлардың экономикалық потенциалын жүзеге шығарыў ҳәм бос жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўына әҳмийет қаратылды. Усы қарарға тийкарланып Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институты ҳәм Германия халықаралық бирге ислесиў шөлкеми менен биргеликте аймақларды комплексли экономикалық раўажландырыўдың мастер-режелерин ислеп шығыў белгиленген.

Сөйлесиўде экспертлер тәрепинен Хийўа ҳәм Хазарасп районларының мастер-режелери ислеп шығылып атырғаны атап өтилди.

Н.Зиёдуллаева,

ӨзА