Сайлаў – 2024
Өзбекстан Халық демократиялық партиясының XIV Қурылтайы болып өтти. Онда партияның сайлаўда қатнасыўы ҳәм жаңа Сайлаўалды бағдарламасы ҳаққындағы әҳмийетли мәселелер додаланды.
Дәслеп Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине сайлаўларда партияның мүнәсип ҳәм жедел қатнасыўын тәмийинлеў бағдарындағы әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Орайлық кеңеси баслығы Улуғбек Иноятов шығып сөйледи:
– Өзбекстан Халық демократиялық партиясы 82 бәнттен ибарат мақсетлерди белгилеп алған болып, ҳәзирге шекем олардың 70 тен асламы әмелге асырылды. Партиямыздың басламасы ҳәм усыныслары менен минимал тутыныў қәрежетлерин жәриялаў әмелияты жолға қойылды. Пенсиялар, напақалар ҳәм басқа түрдеги социаллық жәрдемниң муғдарлары оннан аз болыўы мүмкин емес екени белгиленди.
Сондай-ақ, халықтың кем дәраматлы қатламы ушын қурылып атырған арзан турақ жайлардың саны көбейтилди, усы тараўда жеңилликли ипотека кредитин ажыратыў әмелияты жетилистирилди. Турақ жай алыўды субсидиялаў системасы жолға қойылыўы нәтийжесинде аймақларда 6 мың көп қабатлы жай қурылып, 250 мың шаңарақ баспаналы болды, – деди партия жетекшиси.
Қурылтайда партия Орайлық кеңеси ҳәм Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы фракциясының жумысы ҳаққында есабатлар терең ҳәм сын көзқарастан додаланды. Партияның 2019-2024-жылларға мөлшерленген бағдарламасы нәтийжели әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
Буннан соң, Халық демократиялық партиясының быйылғы сайлаўда қатнасыўына байланыслы мәселелер көрип шығылды. 2025-2029-жылларға мөлшерленген жаңа Сайлаўалды бағдарламасы делегатлардың итибарына усынылды.
Атап өтилгениндей, бағдарламада мәмлекет ҳәм жәмийетти раўажландырыў, ҳуқықлар ҳәм имканиятлар теңлигин тәмийинлеў, күшли социаллық сиясат жүргизиўге қаратылған 10 бағдар, 15 қәдемди өзинде жәмлеген 100 ге шамалас усыныс ҳәм басламалар алға қойылмақта.
Соның ишинде, бағдарламаның социаллық тараўды раўажландырыў бойынша әдалатлы мәмлекетлик пенсия тәмийнаты системасын енгизиў, айрықша дәриге бағыныңқы азайтыў, мектеплерде шет тиллери ҳәм IT оқыў саатларын көбейтиў, өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар ушын шараятларды жақсылаў, үлес киргизиў тийкарында турақ жай қурылып атырғанда сатып алыўшыларды кепилликли қорғаў бойынша шешимлер усыныс етилген.
Нызам үстинлигин тәмийинлеў бағдарында болса мәмлекетлик бюджет есабынан баҳалы саўғалар бериўди қадаған етиў, бюджет қаржыларын нәтийжесиз жумсағанлығы ушын жуўапкершиликти күшейтиў, тараўлық қадағалаў уйымларына республикалық ҳәкимият уйымларының тәсирин азайтыўға байланыслы усыныслар делегатлар тәрепинен қоллап-қуўатланды. Партияның жаңа бағдарламасында сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс бағдарында да бир қатар басламалар орын алған.
Қурылтайда делегатлар, партия Орайлық кеңеси ағзалары, партия белсендилери сөзге шығып, жаңа Сайлаўалды бағдарламасында партияның әҳмийетли мақсет-идеялары ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж халықтың мәплери менен байланыслы усыныслар орын алғанын айрақша атап өтти. Қызғын додалаў ҳәм билдирилген мүнәсибетлерден соң делегатлар Халық демократиялық партиясының жаңа Сайлаўалды бағдарламасын тастыйықлады.
Қурылтайда сайлаў ҳәр бир партия ушын кең имканият ҳәм үлкен жуўапкершилик екени, әсиресе, быйылғы жаңаша, аралас системада өткерилетуғын сайлаўлардан халқымыздың үмити үлкен екени атап өтилди. Соның ушын, Халық демократиялық партиясы парламент төменги палатасы депутатлығына талабанларды алға қойыў мәселесине үлкен жуўапкершилик пенен қарағаны айтып өтилди.
Қурылтайда партия Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары сайлаўы ушын шөлкемлестирилген бир мандатлы 75 округтен 75 талабан алға қойылды. Сондай-ақ, пропорционал система бойынша 100 адамлық партиялық дизим де усыныс етилди.
Талабанлардың 47,4 проценти ҳаял-қызлардан ибарат. 175 талабанның 13 проценти экономист, 8 проценти ҳуқықтаныўшылар, 9 проценти медицина, 31,4 проценти педагоглар, 32,6 проценти басқа тараў ўәкиллери болып табылады. Сондай-ақ, талабанлардың 18 и илим кандидаты (PhD) ҳәм 15 илим докторы (DSc) илимий дәрежесине ийе.
Қурылтайда депутатлыққа талабанларды қоллап-қуўатлаў ҳаққында бир аўыздан қарар қабыл етилди.
Халық демократиялық партиясының парламент ҳәм жергиликли Кеңеслерге сайлаўда белсене қатнасыўы, жоқары нәтийжелерге ерисиўи жолында әҳмийетли қарарлар қабыл етилди.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы