Өзбекстан Республикасы ишки ислер министри, генерал-лейтенант Пўлат Бобожонов басшылығындағы делегация Қырғыз Республикасының Чолпан-Ата қаласында Түркий мәмлекетлер шөлкемине қатнасыўшы мәмлекетлердиң ишки ислер министрлериниң биринши мәжилисинде қатнасты.

Илажда мәмлекетимиз қатарында Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Түркия ишки ислер министрлери, сондай-ақ, Түркий мәмлекетлер шөлкеми Бас хаткери Кубаничбек Омуралиев басшылығындағы тараў қәнигелеринен ибарат делегациялар қатнасты.

Тәреплер усы форматтағы илаж қатнасыўшы мәмлекетлер халықларының тарийхый байланыслары, улыўмалық тили, мәденияты ҳәм дәтүрлерине тийкарланып, түркий халықлардың руўхый жақынласыўына, туўысқанлық бирлигин беккемлеўге, ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыўға үлкен үлес қосатуғынын айрықша атап өтти.

Илаж процесинде қатнасыўшылар шөлкем шеңбериндеги мәмлекетлерде жынаятшылыққа, соның менен бирге, экстремиз, адам саўдасы, кибержынаятшылар, наркотик затлардың нызамсыз айланысы ҳәм нызамсыз миграцияға қарсы гүресиў мәселелерин додалап, ишки ислер министрликлериниң усы бағдарлардағы тийисли бөлимлериниң бирге ислесиўи перспективаларын белгилеп алды.

 

Дослық ҳәм конструктивлик руўхта өткен илажда тәреплер усы форматтағы ушырасыўлар уйымлар арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет ететуғынын айрықша атап өтип, Түркий мәмлекетлер шөлкеми ишки ислер министрлери биринши мәжилисиниң декларациясына қол қойды.

Н.Абдураимова, ӨзА