Пайтахтымыздағы «Ренессанс» кино комплексинде Кинематография агентлиги тәрепинен әмелге асырылып атырған «Тири тарийх» ағартыўшылық жойбары шеңбериндеги оқыў курслары басланды.
Усы агентликтиң директоры, әдебияттаныўшы илимпаз Шуҳрат Ризаев Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен мәмлекетимизде миллий кино көркем өнерин раўажландырыў бағдарындағы жақсы жумыслардың нәтийжесинде жаңа экран шығармалары жаратылып атырғанын, тараўда алдынғы басламалар алға қойылып атырғанын атап өтти.
– Кейинги сегиз жыл даўамында миллий кино көркем өнеримизге Президентимиздиң көзқарасы кинематографияның раўажланыўында жаңа басқышты баслап берди, – деди Кинематография агентлигиниң директоры Шуҳрат Ризаев. Усы жылы 16-май күни мәмлекетимиз басшысының тараў ўәкиллери менен ушырасыўы кино дөретиўшилерин руўхландырыўы менен бирге, тараўдағы әҳмийетли мәселелерди ашып берди. Кино жаслардың санасына тиккелей тәсир ететуғын ең ғалабалық көркем өнер есапланады. «Тири тарийх» дүркининдеги фильмлер әсирлерге барып тақалатуғын даңқлы өтмиш, жақын тарийхымыз, жадид бабаларымыздың ибратлы ислери, заман қарҳарманларының тулғаларын көрсетиўди нәзерде тутады. Демек, 2024-2027-жыллар даўамында 57 ири кино жойбар иске қосылыўы нәзерде тутылған. Бул болса киношылардан тарийх, әдебияттан пуқта билимге ийе болыў кереклигин талап етпекте.
«Арнаўлы әдебият», «Арнаўлы тарийх» оқыў курсларының биринши күнинде Шуҳрат Ризаев, Баҳодир Каримов, Шоҳрух Абдурасулов сыяқлы әдебияттаныўшы, көркем өнертаныўшы илимпазлар тәрепинен әҳмийетли темадағы сабақлар өткерилди.
Н.Усмонова, ӨзА