Автомобиль транспортында халықаралық жүк тасыўларын раўажландырыў бағдарында бирге ислесиўди кеңейтиў, миллий тасыўшыларға қолайлы шараятларды жаратыў ҳәр бир мәмлекет экономикасында әҳмийетли буўын болып есапланады.

Транспорт министрлигинде Халықаралық автомобиль транспорты бойынша Өзбекстан – Болгария биргеликтеги комиссиясының мәжилиси өткерилди.

Атап айтқанда, онда Транскаспий халықаралық транспорт жолынан пайдаланған ҳалда Болгария арқалы Европа Аўқамы еллерине жүк тасыўлар көлемин арттырыўғf байланыслы тәреплери көрип шығылды.

Мәжилис жуўмағына бола 2024-жыл ушын қосымша рухсатнама бланкалары алмасылды. Сондай-ақ, 2025-жыл ушын рухсатнама бланкаларын ҳәзиргиге қарағанда 15 есеге арттырған ҳалда алмасыўға келисилди, делинеди Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлигиниң мағлыўматында.

Мағлыўмат орнында айтыў мүмкин, ҳәзирги жөнелислерди диверсификациялаў ҳәм қолайлы транспорт коридорларын раўажландырыў арқалы Европа Аўқамы еллерине жүк тасыўларын раўажландырыў мақсетинде 2024-жылдың 1-апрелинен Руминия менен еки тәреплеме ҳәм транзит жүк тасыўларын рухсатнамасыз системада әмелге асырыў бойынша келисимге ерисилген еди.

А.РУСТАМОВ,

ӨзА