Өзбекстан ҳәм Әзербайжан биргеликте паром ислеп шығарыўды жолға қойыў режелестирилди, деп жазды «Тренд» редакциясы.
Сондай-ақ, тәреплер Транскаспий жөнелиси бойлап транспорт системасын раўажландырыў ушын биргеликтеги кәрхана жаратыўы мүмкин.
Паромлар Өзбекстанның талабы ушын бериледи. Жойбарларды қаржыландырыў муғдары 150 миллион долларды қурайды. Ҳәзирги ўақытта транспорт ҳәм транзит тараўындағы шерикликти кеңейтиў ушын анық илажлар ислеп шығылмақта. Қоймахана структурасы да биргеликте қәлиплестириледи.
22-август күни Ташкентте болып өткен бизнес-форум шеңбериндеги сөйлесиў соңында жәми 2 миллиард доллар баҳаға ийе жойбарлар топламы тастыйықланған. 23-август күни еки мәмлекет жетекшилериниң исбилермен топар ўәкиллери менен ушырасыўында 520 миллион долларлық 7 жойбар таярланды.
2023-жыл август айында Өзбекстан тәрепи Баку портындағы қоймахана инфраструктурасынан пайдаланыўға қызығыўшылық билдирген. 2022-жылы бул порт арқалы 904 мың тонна жүк тасылып, ҳәзирги көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда 65 процентке артқан.
ӨзА