«Қазақстан Республикасы, Қырғыз Республикасы, Тәжикстан Республикасы, Түркменстан ҳәм Өзбекстан Республикасы арасында жасларға байланыслы сиясаттың улыўмалық бағдарлары Келисимин (Душанбе, 2023-жыл 14-сентябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам қабыл етилиўи күтилмекте.

Бул Келисим 2022-жыл 21-июльде Шолпан-Атада өткерилген Орайлық Азия мәмлекет басшыларының IV мәсләҳәт ушырасыўында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасына бола алға қойылған.

Келисимде жаслардың қатнасыўында ғалабалық илажлар, жойбарлар, жаслар лагерлери, мәмлекетлер аралық акциялар, семинарлар, додалаў клублары, дөгерек сәўбетлери, жаслар форумлары ҳәм региондағы жаслар сиясатының әҳмийетли мәселелерине бағышланған конференцияларды шөлкемлестириўге жәрдемлесиў сыяқлы мәселелер нәзерде тутылған.

Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери бойынша комитети мәжилисинде көрип шығылған нызамның қабыл етилиўи Орайлық Азия мәмлекетлериниң жаслар сиясаты тараўында шериклик қатнасықларын раўажландырыўға имканият жарататуғыны атап өтилди.

Жаңа ҳуқықый тийкар региондағы жаслар арасындағы тығыз бирге ислесиў байланысларын және де беккемлеўге хызмет етеди.

Н.Абдураимова,

ӨзА