2024-жыл 5-6-сентябрь күнлери Ташкент қаласында «Теңизге шығыў имканияты болмаған раўажланып атырған мәмлекетлер  азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм Турақлы раўажланыў  мақсетлери» темасында халықаралық форум шөлкемлестирилиўи режелестирилген.

Форум шеңберинде аўыл хожалығы министри Ибраҳим Абдураҳмонов Монголия азық-аўқат  аўыл хожалығы ҳәм жеңил санаат министри Жадамбар Енкҳбаяр менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда   еки тәреплеме бирге ислесиў мәселелери додаланды. Атап айтқанда, Монголия мәмлекети менен аўыл хожалығының бир қатар тармақлары, әсиресе шарўашылық бағдарында бирге ислесиў қатнасқларын және де раўажландырыў зәрүр екенлиги, онда Монголия тәжирийбесин Өзбекстанда енгизиў әҳмийетли екени айтып  өтилди. Буннан тысқары еки мәмлекет арасында экспорт-импорт қатнасықларын беккемлеў бағдарында логистика мәселеси де әҳмийетли екени атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында И.Абдураҳмонов Өзбекстанда аўыл хожалығы тараўында имканиятлар кең екенлигин, бул бағдарда ҳәр қандай бирге ислесиўге таяр екенин мәлим етти.

Сондай-ақ, Малайзияның «Meraque Group Sdn Bhd» компаниясының басшысы Разали Исмаил менен де ушырасыў шөлкемлестирилди.

Сөйлесиў даўамында еки тәреплеме бирге ислесиў мәселелери ҳәм жаңа жойбар бойынша додалаў алып барылды. Разали Исмаил Өзбекстан менен бирге ислесиў ҳәр қашанғыдан да пайдалы екенин атап өтип, бул жер, әйне, аўыл хожалығында жақсы майдан екенлигин атап өтти.

Соң «Meraque Group Sdn Bhd» компаниясының киши көлемдеги ақыллы аўыл  хожалығы техникалары, тамшылатып суўғарыў  технологияларын Өзбекстанда ислеп шығарыў системасын  жолға қойыў бағдарында додалаўлар алып барылды. Сөйлесиўлердиң нәтийжесине бола, еки тәреплеме келисим меморандумына қол қойылды.

Мақсет өз-ара тәжирийбе алмасыў, инновациялық аўыл хожалығының әмелиятын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў, елимизде инновациялық «Meraque Group Sdn Bhd» технологияларын ислеп шығарыў менен бирге ақыллы аўыл хожалығын жаратыўдан ибарат.

Мағлыўмат орнында «Meraque Group Sdn Bhd» компаниясы 2018-жылы start-up жойбарs тийкарында шөлкемлестирилген болып, ҳәзирги күнде 200 илимпаз, инженер ҳәм жасларды жумыс пенен тәмийинлегенин атап өтиў зәрүр. Компания тийкарынан, ақыллы аўыл хожалығы техникаларын ҳәм арнаўлы дронлар ислеп шығарыў менен шуғылланады.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА