Өзбекстан Республикасы Минситрлер Кабинетиниң «Электрон есаплаў машиналары ушын жаратылған бағдарламаларды ҳәм мағлыўматлар базаларын рәсмий дизимнен өткериў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентин тастыйықлаў ҳаққында» қарар қабыл етилди.

Оған муўапық, Электрон есаплаў машиналары ушын жаратылған программаларды ҳәм мағлыўматлар базаларын рәсмий дизимнен өткериў бойынша мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.

Регламентте:

Электрон есаплаў машиналары ушын жаратылған программаларды ҳәм мағлыўматлар базаларын рәсмий дизимнен өткериў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиў тәртиби;

Юридикалық ҳәм физикалық тәреп (талапнама бериўши) тәрепинен ЭЕМ ушын жаратылған программа яки мағлыўматлар базасын рәсмий дизимнен өткериў соралған талапнаманы (талапнама) Өзбекстан Республикасы Әдиллик Министрлигине тапсырыў тәртиби;

Талапнаманы резидентлер ушын – мәмлекетлик хызметлер орайы, ўәкилликли уйымның арнаўлы мәлимлеме системасы яки бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы, резидент емеслер ушын- ўәкилликли уйымның арнаўлы мәлимлеме системасы арқалы тапсырыў, почта байланысы арқалы тапсырыў буған кирмейди;

Талапнама тапсырылғанда кейинги барлық ҳәрекетлерди ўәкилликли уйымның арнаўлы мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырыў;

Мәмлекетлик хызметти көрсетиўде талапнама бериўши тәрепинен Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамында белгиленген муғдарларда патент бажыны төлеў тәртиби;

Талапнама ҳүжжетлерин тексериў тәртиби ҳәм мүддетлери;

ЭЕМ ушын жаратылған программа яки мағлыўматлар базасын Программалық мағлыўматлар мәмлекетлик реестринде яки Мағлыўматлар базалары мәмлекетлик реестринде автомат тәризде рәсмий дизимге алыў ҳәм ўәкилликли уйымның арнаўлы мәлимлеме системасы арқалы талапнама бериўшиге оның дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықлықты жибериў тәртиби белгилеп берилген.

Мәмлекетлик хызмет Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен көрсетиледи.

ӨзА