Президент Шавкат Мирзиёев 4-сентябрь күни денсаўлықта сақлаў системасының басланғыш буўынын жетилистириў ҳәм медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиў илажлары бойынша презентация менен танысты.
Халықтың саламатлығын беккемлеў, кеселликти ерте анықлаў ҳәм емлеўде басланғыш буўын оғада әҳмийетли. Соның ушын мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы реформаларды халқымыздың, әсиресе, алыс аймақлардағы халықтың талап ҳәм мүтәжликлерин терең үйренген ҳалда басқышпа-басқыш әмелге асырыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Денсаўлықты сақлаў тараўындағы реформалардан және бири – мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў. Бул бойынша тийисли жумыслар басланған ҳәм таярлық көрилген.
Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасын усы жылы 1-октябрьден баслап Ташкент қаласы ҳәм Сырдәрья ўәлаятында, 2025-жыл 1-январьдан Қарақалпақстан Республикасында енгизиў усыныс етилмекте.
Оның ушын 2024-жылдың ақырына шекем «Электрон поликлиника» ҳәм «Электрон емлеўхана» мәлимлеме системалары енгизиледи. Медицина хызметкерлери олардан пайдаланыў бойынша оқытылады. Мәкемелер зхәрүр техника ҳәм тармақ қурылмалары менен үскенеленеди.
Бул системаның әҳмийети сонда, медицинада нәтийжеге тийкарланған қаржыландырыў усыллары енгизиледи. Қамсызландырыў шеңберинде медициналық хызметлерди көрсетиў ҳәм дәри қуралларын усыныс етиў мәмлекетлик бюджет есабынан әмелге асырылады, халықтан қосымша төлем өндирилмейди.
Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасын басқа аймақларда 2026-жылдың ақырына шекем енгизиў режелестирилген.
ӨзА