Өзбекстан ҳəм Монголия арасында аўыл хожалығының бир қатар тармақлары, əсиресе, шарўашылық бағдарында бирге ислесиў байланыслары жəне де кеңеймекте.

Атап айтқанда, Монголия тəжирийбесин Өзбекстанда енгизиў мəселелерине айрықша итибар қаратылмақта.

4-сентябрь күни пайтахтымызда болып атырған Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң «Теңизге шығыў мүмкиншилиги болмаған раўажланып атырған мəмлекетлердиң азық-аўқат қаўипсизлиги ҳəм турақлы раўажланыў мақсетлери» темасындағы халықаралық форум шеңберинде аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов Монголия азық-аўқат, аўыл хожалығы ҳəм жеңил санаат министри Жадамбар Енкҳбаяр менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда Монголия тəрепи Өзбекстан ең әҳмийетли стратегиялық бирге ислесиўши екенин, бул бағдарда Президент Шавкат Мирзиёев алып барып атырған сиясат үлкен əҳмийетке ийе екенин атап өтти, делинеди Ауыл хожалығы министрлиги мағлыўматында.

Буннан тысқары, еки мəмлекет арасында экспорт -импорт байланысларын беккемлеў бойынша логистика мəселеси де әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Министр И. Абдураҳмонов Өзбекстанда аўыл хожалығы тараўында имканиятлардың кеңлиги, бул бағдарда ҳəр қандай бирге ислесиўге  таяр екенлигин атап өтти.

ӨзА