Өзбекстанның Қубла Кореяға жаңадан тайынланған Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Алишер Абдусаломов усы мәмлекет сыртқы ислер министриниң орынбасары, протокол хызметиниң басшысы Ким Тэ Чжинге өз исеним жарлығының нусқасын тапсырды.
Рәсмий мәресимнен соң болып өткен сәўбетте быйыл июнь айында Ташкент қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер нәтийжесинде айрықша пәт алған Өзбекстан ҳәм Корея Республикалары арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм келешеги, сондай-ақ, болажақ биргеликтеги илажлар кестеси додаланды.
Қубла Кореяның мәмлекетлик хызметкери елшимиздиң өз-ара пайдалы бирге ислесиўди избе-из раўажландырыў бағдарындағы жумысына табыс тиледи.
Еслетип өтемиз, 29-август күни Сеулге барған Елши Алишер Абдусаломов усы күнге шекем Олий Мажлис Сенаты Баслығы Секретариатына басшылық еткен. 1995-2024-жыллары қысқа тәнепис пенен Сеулдеги елшиханамызда басшылық еткен Виталий Фенниң орнына тайынланды.
ӨзА