Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Регионаллық  контртеррор структурасы ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Конттеррор орайының терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиўде бирге ислесиўди беккемлеўге бағышланған биргеликтеги конференциясының барлық  қатнасыўшы ҳәм мийманларын қызғын қутлықлайман.

Бул  әҳмийетли халықаралық форумның ШБШ ҳәм ҒМДА сыяқлы абырайлы регионаллық структуралар  менен биргеликте шөлкемлестирилиўи шексиз регионымызда тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бағдарында аўызбиршилик ҳәм өз-ара әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўға болған умтылысты және бир мәрте тастыйықлайды.

Бүгинги әнжуман топланған тәжирийбе ҳәм билимлерди алмасыў, қәўипсизликке заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша ҳәрекетлерди муўапықластырыў бойынша пикир-усыныслар ислеп шығыў ушын зәрүр сөйлесиў майданы екенин айрықша атап өтепкшимен.

Конференция күн тәртибине ең табыслы миллий тәжирийбелерди үйрениў, терроризмге қарсы гүресте бирге ислесиў, илим ҳәм билим тараўында алмасыўдың нәтийжели механизмлерин жолға қойыў, экстремизм ҳәм радикализм идеяларының тарқалыўына имканият бермеў бойынша әмелий қуралларды қәлиплестириў, жынайый жумыстан алынған  дәраматларды легалластырыў ҳәм терроризмди қаржыландырыўдың алдын алыў бағдарындағы ўазыйпаларға байланыслы әҳмийетли мәселелер киргизилген.

Ертең мәмлекетимизде биринши мәрте өткерилетуғын «Шығыс – Контртеррор – 2024» биргеликтеги контртеррор сабақлары ҳәм қәўипсизликке  улыўма қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде өз-ара әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм арнаўлы күшлер бөлимшелериниң  потенциалын арттырыўға хызмет ететуғынына исенемен.

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Тилекке қарсы, геосиясий кескинлик ҳәм келиспеўшилклердиң күшейиўи, жетекши мәмлекетлер арасында өз-ара исенимниң жоқлығы, глобал қәўипсизлик институтлары ролиниң төменлеўи терроризм ҳәм экстремизм қәўип-қәтерлерине қарсы гүресиўде ашық және нәтийжели халықаралық бирге ислесиўдиң раўажланыўына унамсыз тәсир көрсетпекте.

Соның менен бирге,  кибермәканда қәўип-қәтерлер күшейип бармақта. Бунда нызамсыз жумыс,  жаллаў ҳәм радикал идеяларды үгит-нәситялаў бойынша жедел жумыслар миллий шегаралар ҳәм нызамшылық нормаларын тән алмайтуғын интернет тармақлары ҳәм каналлары қуралында барған сайын көп әмелге асырылмақта.

Соның ақыбетинде бүгинги күнде халықтың әззи қатламларының ўәкиллери, соның ишинде, бизиң жасларымыз ҳәм мийнет мигрантлары «онлайн мәңгүрлестириў» қурбанына айланбақта, түрли нызамсыз топарларға тартылмақта ҳәм жынаятқа қол урмақта.

Сонлықтан нызамшылық базасын және де жетилистириў және ШБШ Регионаллық контртеррор струткурасы ҳәм ҒМДА Контртеррор орайы жумысы шеңберинде бундай қәўип-қәтерлерди сапластырыў ҳәм оларға жедел жуўап қайтарыў бойынша  халықаралық бирге ислесиў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған биргеликтеги әмелий илажларды өткериў ең әҳмийетли ўазыйпалар болып  есапланады.

Мәмлекетимиздиң Терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бойынша  миллий  стратегия кең көлемли, инклюзив ҳәм системалы қатнас жасаўға тийкарланған болып, профилактикалық  ҳәм превентив илажларды қолланыў ҳәм ўақтында әмелий жуўап қайтарыўды өзинде жәмленгенин атап өтиў зәрүр. Жәмийетте аўызбиршилик орталығын беккемлеў ҳәм ашық сөйлесиўди раўажландырыў, тәлим-тәрбия тараўын ҳәр тәреплеме қоолап-қуўатлаў, жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың исенимли социаллық қорғалыўын тәмийинлеў бул бағдардағы тийкарғы бағдарлар есапланады.

Соның менен бирге, биз инсан хуқықлары менен еркинликлерин қорғаў ҳәм алға қойыў нызам үстинлиги принципине сөзсиз әмел етиўди терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиўдиң  фундаментал тийкары деп есаплаймыз.

Бүгинги Өзбекстанда Терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бойынша миллий стратегия  избе-из әмелге асырылмақта, жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың потенциалын  әмелге шығарыў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта, «қайнаған орынлар»дан қайтарып алып келинген шахсларды тыныш турмысқа бейимлестириў бойынша илажлар әмелге асырылмақта.

Усы жылы БМШтың Контртеррор басқарамасы менен биргеликте Реабилитация ҳәм  реинтеграциялаў бойынша регионаллық экспертлер кеңеси шөлкемлестирилди, толық көлемдеги шерикликтиң жаңа «жол картасы» қабыл етилди.

Мүрәжатимниң жуўмағында соны айрықша атап өтпекшимен, регионда беккем тынышлық  ҳәм турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде тығыз бирге ислесиў ҳәм мәмлекетлеримиздиң арнаўлы хызметлериниң жумысын нәтийжели муўапықластырыў келешекте де мәмлекетлераралық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдары болып қалады.

Конференцияның барлық қатнасыўшыларына нәтийжели  пикир таласлар ҳәм табыслар тилеймен.

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти

ӨзА