Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Қубла Кореяның «KOMSCO» компаниясы директоры Сунг Чанг Хун менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыў даўамында компания директоры Өзбекстанда IT тараўы жедел раўажланып атырғанын жоқары баҳалады. Кореяның мобиль миллий ID платформасының жойбары презентациясы өткерилип, оның абзаллықлары ҳәм дүзилиўи, бул жойбардың Кореяда әмелге асырылатуғыны ҳаққында мағлыўмат берилди.
Министр Ш.Шерматов Бирден-бир интегратор – UZINFOCOM жойбарда бирге ислесиўге таяр екенин билдирди. Сондай-ақ, министрликтиң келеси жыллардағы перспективалы режелери ҳаққында айтып, жас қәнигелер ушын жоқары мийнет ҳақылы жумыс орынларын шөлкемлестириў тийкарғы мақсетлерден бири екенин атап өтти.
Жуўмағында тәреплер өз-ара бирге ислесиў меморандумына қол қойды.
Н.Раҳмонова, ӨзА