Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-август күни Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули  Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлести.

Өзбекстан-Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, мәмлекетлеримиз арасындағы көп  тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Сәўбетлесиў алдында Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәтиниң Баслығы мәмлекетимиз басшысына Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың қызғын сәлемин жеткерди.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан  жетекшилери еки тәреплеме қатнасықлар жедел раўажланып  атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Жедел сиясий сөйлесиў ҳәм  алмасыўлар даўам етпекте, өз-ара товар алмасыў  көлеми  турақлы пәт пенен өспекте, экономиканың түрли тармақларында жетекши кәрханалардың кооперациясы күшеймекте.

Турақлы түрде биргеликтеги мәдений-гуманитарлық илажлар өткерилмекте.

Сөйлесиў  ўақтында транспорт-коммуникация ҳәм энергетика тараўларында биргеликтеги жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

ӨзА