Өзбекстан Республикасының Италиядағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Абат Файзуллаев усы мәмлекеттиң «ESB Group» компаниясы басқарма баслығы мәсләҳәтшиси, халықаралық байланыслар бойынша директоры Гаэтано Криши менен ушырасты.

Сөйлесиў даўамында Самарқанд қаласындағы «Ширин» заманагөй бизнес орайы ҳәм турақ жай комплекси қурылысын тезлестириў мәселеси додаланды. «ESB Group» Италия архитектуралық дәстүрлери ҳәм заманагөй технологияға сүйенген ҳалда турақ жай, спорт, билимлендириў объектлерин бирлестирген, 20 гектар майданды ийелейтуғын комплекс жойбарын ислеп шықпақта.

Сөйлесиў ўақтында компания ўәкили сейсмикалық жақтан белсенди аймақта имарат турақлылығын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылатуғынын атап өтип, бул бағдарда кәрхана бай тәжирийбеге ийе екенлигин билдирди.

Гаэтано Криши сөзлерине бола, елимизде қурылып атырған Жаңа Ташкент, Бухара Сити сыяқлы жойбарлар Өзбекстанның жаңа халықаралық шериклер ушын тартымлылығын арттырмақта.

ӨзА