«Interfax» хабарына бола, 28-август күни азанда аспанда алты планета – Меркурий, Марс, Юпитер, Уран, Нептун, Сатурн ҳәм Ай сап тартады. Планетадағы бул үлкен денелер Қуяштың бир тәрепинде шама менен 160 градус секторда жайласады.

Биринши болып Сатурн ҳәм Нептун саат 21:00 ден кейин көтериледи. Түн ярымынан өтиўи менен аспан артында Уран, Юпитер, Марс ҳәм Жердиң тәбийғый жолдасы пайда болады.

Таза ҳаўа шараятында телескоп ямаса күшли дурбин жәрдеминде Нептун ҳәм Ураннан тысқары барлық алты планетаны көз бенен бақлаў мүмкин. Тек ғана бир сааттан азырақ көринис беретуғын, аспанда жүдә төмен жайласып, қуяштың жарқын нуры артында тез көзден жоқ болатуғын Меркурийди сезиў жүдә қыйын болады.

Қәнигелердиң болжаўынша, 2025-жыл 28-февраль кешке шекем туўра келетуғын планеталардың кейинги парадында Сатурн, Меркурий, Нептун, Венера, Уран топланады. Бираз шығыста Юпитер ҳәм Марс турады. Бул Сатурн, Меркурий ҳәм Нептуннан тысқары жети планета Қуяштың бир тәрепинде жайласатуғын, аспанда бир ўақыттың өзинде көринетуғын ең жақын сәне.

ӨзА