Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Өнимлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм муўапықлықты баҳалаў тәртиплерине байланыслы режелерди тастыйықлаў  ҳаққында»ғы қарарды қабыл етти.

Оған муўапық:

а) Қәўип дәрежеси жоқары болған өнимлерди мәжбүрий мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртиби ҳаққындағы реже;

қәўип дәрежеси  жоқары болған өнимлерди мәжбүрий тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткериў;

мәмлекетлик дизимнен өткерилген өнимлердиң мәмлекетлик реестрин жүргизиў;

мәмлекетлик дизимнен өткерилген өнимлердиң дәлийлленген ҳүжжетлерин қәлиплестириў ҳәм сақлаў;

мәмлекетлик дизимге алынғаны ҳаққындағы гуўалыққа өзгерислер киргизиў, оның әмел етиўин тоқтатып турыў ямаса сапластырыў тәртиби;

мәжбүрий тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилетуғын өнимлер түрлериниң дизими;

б) Өнимлерди сертификатластырыў тәртиби ҳаққындағы реже:

өнимлердиң интеллектуаллық мүл объектлерине болған хуқықларын үйрениў ҳәм тексериў;

сертификатластырыў жумысларын әмелге асырыў;

өнимлерди сертификатластырыў схемаларын қолланыў;

сертификатластырылған өнимлерди  күнделикли баҳалаў;

муўапықлық сертификатқа өзгерислер киргизиў тәртиби;

в) Қәўип дәрежеси жоқары болмаған өнимлердиң муўапықлығын декларациялаў жолы менен тастыйықлаў тәртиби ҳаққындағы реже :

муўапықлықты декларациялаў схемалары;

муўапықлықты декларациялаў ҳүжжетлерин қәлиплестириў ҳәм оны дизимге  алыў;

муўапықлық декларациясын дизимге алыў ушын тийкар болған дәлийлленген ҳүжжетлерди қәлиплестириў ҳәм сақлаў тәртиби;

г) Менеджмент системаларын сертификатластырыў тәртиби ҳаққындағы реже:

сертификатларстырыў жумысларын әмелге асырыў;

сертификатластырыўға арзаны қабыл етиўден бас тартыў ушын тийкарлар;

муўапықлық  сертификатты тастыйықлаў, оның әмел етиўин тоқтатып турыў,  сапластырыў ҳәм оны бийкарлаў;

сертификатластырыў тараўын кеңейтиў ямаса қысқартыў;

менеджмент системаларын енгизиў және оқытыў бойынша жумыслар ҳәм хызметлердиң төлеми, оны есаплаў тәртиби;

д) Өнимлердиң техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлер ҳәм басқа да нормативлик-хуқықый ҳүжжетлер талапларына муўапық емес деп табылған өнимлердиң дизимин жүргизиў, оларды еркин айланыстан шығарыў ҳәм  утилизациялаў тәртиби ҳаққындағы реже:

техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳәм басқа нормативлик-хуқықый ҳүжжетлер талапларына өнимлердиң муўапық емеслигин анықлаў;

муўапық емес деп табылған өнимлерди саўдадан шығарып алыў,  утилизациялаў және олардың дизимин жүргизиў;

өнимлерди алып кириўди қайта тиклеў тәртиби тастыйықланды.

Муўаплылықты тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди рәсмийлестириўде төмендеги  тәртип орнатылады:

Өзбекстан Республикасының резиденти есапланған аккредитациядан өткен муўапықлықты  баҳалаў уйымлары тәрепинен қәўип дәрежеси жоқары болмаған  өнимге  муўапықлық ҳаққындағы декларация дизимге алынғанда (әмел етиў мүддетине қарамастан), усы муўапықлық ҳаққындағы декларация тийкарында өним  жигирма төрт ай  даўамында импорт етилиўи мүмкин. Бул тәртип муўапықлық ҳаққындағы декларацияда келтирилген әйне бир ислеп шығарыўшының бир түрдеги өнимине әмел етеди;

Муўапықлығын декларациялаў жолы менен тастыйықланыўы зәрүр болған өнимлер Өзбекстан Республикасына импорт етилгенде, олардың муўапықлығын үшинши тәреп тастыйықлайды.

ӨзА