Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев өткерилген сөйлесиўлер бойынша өз пикирлерин билдирди.
Мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан Президентиниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары еки мәмлекет арасындағы көп әсирлик дослық қатнасықларын раўажландырыўда тарийхый ўақыя болғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Президент Шавкат Мирзиёев сапардың тийкарғы нәтийжелеринен бири сыпатында Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнаманы айрықша атап өтти. Бул, Өзбекстан жетекшиси атап өткениндей, мәмлекетлераралық бирге ислесиўди беккемлеўде жаңа бет ашылғанын аңлатады ҳәм тәреплердиң көп тәреплемели шерикликти ҳәр тәреплеме раўажландырыўға қатаң садықлығын тастыйықлайды.
Сапар даўамында аўқамласлық қатнасықларды тереңлестириў бойынша жаңа усынысларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўдың нәтийжели механизми болыўы нәзерде тутылған Мәмлекетлераралық жоқары кеңестиң биринши мәжилиси де болып өтти.
Өзбекстан Президенти жыл басынан берли Ҳүкиметлераралық аралық комиссия мәжилислери, сиясат ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша мәсләҳәтлесиўлер, парламент ағзаларының ушырасыўлары, аймақлар форумы сондай-ақ, бир қатар мәдений ҳәм исбилерменлик илажлары өткерилгени усы саммит нәтийжесиниң тийкары болғанына итибар қаратты.
Өзбекстан туўысқан Әзербайжанның үлкен табысларынан қуўанышлы.
Мәмлекетимиз басшысы туўысқан мәмлекетте экономика, санаат жедел раўажланып, халықтың турмыс дәрежеси жақсыланып атырғанын атап өтти. Илҳам Алиевти Әзербайжанның аймақлық яхлитлиги тикленгени ҳәм әзелий әзербайжан жерлери қайтарылғаны менен жәре бир рет қутлықлады.
Социаллық инфраструктура ҳәм өндирис объектлери жедел қурылып атырған Қарабақ қайта тикленип атырғанына айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан Әзербайжанды бул уллы исте буннан былай да қоллап-қуўатлаўға таяр.
Әзербайжан бизиң әҳмийетли стратегиялық бирге ислесиўшимиз ҳәм аўқамласымыз болып есапланады. Бизди ортақ тарийхий тамырларымыз ҳәм көп әсирлик дослығымыз, бирден-бир дин, уқсас мәденият ҳәм дәстүрлер байланыстырып турады. Булардың барлығы ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди тереңлестириў ушын исенимли тийкар болып хызмет етпекте, -деди Өзбекстан басшысы.
Сөйлесиўлер даўамында Президентлер көп тәреплемели қатнасықлардың барлық бағдарларын, соның ишинде, саўда санаат кооперациясы, энергетика, транспорт, аўыл хожалығы ҳәм мәденият тараўларын додалады.
Тәреплер сиясий сөйлесиўди беккемлеў, көп тәреплеме платформаларда өз-ара қоллап-қуўатлаў, парламентлер, аймақлар, тармақ уйымлары ҳәм аймақлар дәрежесинде жедел байланысларды даўам еттириўге келисип алды.
Турақлы өсиў пәтлерин көрсетип атырған саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен келеси жылды Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы экономикалық кооперация жылы деп жәриялаў ҳәм 20 тийкарғы бағдар бойынша бағдарлама қабыллаўға келисип алды.
Күни кеше бизнес форумы нәтийжели өткени, онда онлаған шәртнама ҳәм келисимлерге қол қойылғаны атап өтилди. Бул келисимлер шеңберинде мийманхана, тоқымашылық кластерлери, тигиўшилик фабрикасын қурыў, қурылыс материалларын ислеп шығарыў сыяқлы әҳмийетли жойбарлар әмелге асырылады.
Үшинши мәмлекетлердеги перспективалы жойбарларда биргеликте қатнасыў бойынша қолланбалар бар екенлиги айтылды. Усы мәнисте, бундай жойбарларды алға қойыў мақсетинде шөлкемлестирилген биргеликтеги инвестиция компаниясы нәтийжели жумыс алып барып атырғаны атап өтилди.
Транспорт байланыслылығын, соның ишинде Транскаспий жолын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.
Жетекшилер «жасыл» энергия ислеп шығарыў ҳәм оны Әзербайжан арқалы Европа мәмлекетлерине экспорт етиў бойынша кең көлемли регионаллық жойбарды әмелге асырыўды тезлестириўге келисип алды.
Аймақлар арасындағы байланысларды жеделлестириў мақсетинде бул бойынша «жол картасы» қабыл етиледи, сондай-ақ, Қоқанд қаласында гезектеги аймақлар форумы өткериледи.
Мәмлекет басшылары мәденият, жаслар ҳәм мәлимлеме сиясаты, илим, билимлендириў ҳәм спорт тараўларында сөйлесиў ҳәм алмасыўларды кеңейтиўге келисип алды.
Мәмлекетлеримизде ҳәр жылы өз-ара мәденият ҳәм кино күнлерин, дөретиўши топарлардың көргизбе ҳәм сапарларын өткериў дәстүри ендигиден былай тек ғана пайтахтларда емес, ал халықтың тийкарғы бөлеги жасап киятырған аймақларда да даўам еттириледи.
Эстрада көркем өнериниң таң қалдырарлық жулдызлары Фарруҳ Закиров ҳәм Пўлат Булбул улының жоқары хызметлерин тән алыў сыпатында Президентлер оларға еки мәмлекеттиң «халық артисти» ҳүрметли атақларын бериўге қарар етти.
Жуўмағында мәмлекетимиз басшысы әзербайжанлы кәсиплесине усыныс ҳәм басламаларды қоллап-қуўатлағаны ушын миннетдаршылық билдирди. Табыслы сөйлесиўлердиң нәтийжелери Өзбекстан-Әзербайжан байланысларын және де раўажландырыўға күшли түртки беретуғынына ҳәм туўысқан мәмлекетлер арасындағы дослық ҳәм аўқамласлық қатнасықларды беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирди.
ӨзА