Қазақстан Сыртқы ислер министрлиги Беларусь елшиси Павел Утюпинди шақырып, болып атырған процесске Астана позициясын баҳалаўда объективликке шақырған. Бул мағлыўматты уйымның баспасөз хызмети тарқатқан.

– Министрдиң (Қазақстан СИМ басшысы Мурат Нуртлеу – редакция) атап өтиўинше, Қазақстан БМШ Режеси ҳәм халықаралық ҳуқық нормасына әмел еткен ҳалда, пропорционал ҳәм тынышлықты сүйиўши сыртқы сиясат алып бармақта,-делинген баянатта. –Астана мәмлекетлер арасында пайда болған ҳәр қандай машқаланы сиясий-дипломатиялық қураллар арқалы шешиў зәрүрлиги мәселесинде исенимли.

Қосымша етилиўинше, мәмлекеттиң ҳәзирги геосиясий шараятта алып барып атырған сыртқы сиясатының нәтийжелилиги дәлилленбекте.

19-август күни Беларусь Президенти Александр Лукашенко усы қоңсы мәмлекетке байланыслы «Россиядан қандайда бир зат алмақшы болады, бирақ орнына ҳеш нәрсе бермекши емес», деген еди. Сондай-ақ, ол Қазақстандағы 2022-жылдың январь ўақыяларын еследи. КХШТ тынышлықсүйер күшлери мәмлекетке киргизилгенин атап өтип, Қазақстан сол ўақытта Қытай, Ҳиндстан ямаса Пакистанға емес, ал Россияға мүрәжат еткенине итибар берди. Москва Минск пенен бирге жәрдемге келген, деп қосымша етти жетекши.

ӨзА