“Fitch Ratings” халықаралық рейтинг агентлиги «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетиниң «ББ-» турақлы дәрежедеги халықаралық кредит рейтингин қайта көрип шықты.
Оған бола, агентликтиң усы жылдың 20-август күниндеги есабатында «Аймақлық электр тармақлары» АЖның халықаралық индикативлик рейтинги «ББ-» «Турақлы» дәрежеде қайта тастыйықланған.
Халықаралық рейтинг агентлиги тәрепинен «Аймақлық электр тармақлары» АЖның тек ғана қаржы-экономикалық ҳәм бизнес стратегиясы жағдайы емес, ал қаржының моделиниң турақлылығы, корпоратив басқарыў системасы ҳәм басқа бағдарлары да тереңнен үйренилип көрип шығылғанын айтып өтиўимиз керек.
Бул рейтинг дүньяның инвестиция базарларында «Аймақлық электр тармақлары» АЖны анық бизнес стратегиясы, ашық қаржы жағдайы ҳәм күшли корпоратив басқарыў системасына ийе кәрхана сыпатында танытады.
Өз гезегинде, қолға киргизилген бул жеңис келешекте «Аймақлық электр тармақлары» АЖның экономикалық турақлылығын және де арттырыўға хызмет етиўи менен бирге, инвестиция жойбарларын әмелге асырыўда сырт ел кредитлерин мәмлекеттиң кепиллигисиз тиккелей тартыў имканиятын береди, делинеди арнаўлы шөлкем хабарында
ӨзА