«Өзтемиржолжолаўшы» АЖ баспасөз хызметиниң хабарына бола, темир жол кассаларында билетлерди арнаўлы автоматластырылған билет сатыў терминалынан сатып алыў мүмкин.

Атап өтилиўинше, бул терминалдан билет рәсмийлестириўде, керекли жөнелис, вагон ҳәм орын таңланады. Соң, жеке мағлыўматларды киргизип, төлем карталары арқалы билет сатып алынады. Ҳәзирги ўақытта автоматластырылған терминал Ташкент орайлық вокзалында тест тәртибинде ислемекте. Жақын күнлерде оны республиканың қалған барлық темир жол вокзалларына орнатыў режелестирилген. Сондай-ақ, терминалдан жолаўшы поездлар кестеси ҳаққында мағлыўмат алыў да мүмкин.

Еслетип өтемиз, алдын, 1-декабрьге шекем бирден-бир онлайн платформа иске қосылып, темир жол билетлерин дифференцияласқан баҳаларда кеминде 6 ай алдын саўдаға шығарыў енгизилгени ҳаққында хабар берилген еди.

Ш.Маматуропова, ӨзА