ҚХР және он бир ядро реакторын қурады

«Bloomberg» редакциясының жазыўынша, Қытай Халық Республикасы мәмлекеттиң бес аймағында, 11 орында жаңа ядро реакторын қурыўға қарар еткен.
Миллий баспасөз хабарында Министрлер Кабинети ўазыйпасын атқарыўшы уйым – Мәмлекетлик кеңес ядро реакторларын қурыў ушын арқада Шандонг, шығыста Цзянсу ҳәм Цицян, қублада Гуандун провинциялары, сондай-ақ, Гуанси-Хуан автономиялық районын таңлаған.
Бул баслама жәми 220 миллиард юань – 30,85 миллиард долларға баҳаланбақта. Қытай 2022-2023-жыллары 10 жаңа реактор қурылысын мақуллаған еди. Ҳәзирги ўақытта 55 сондай қурылмаға ийе, 2030-жылға барып атом энергетикасы қуўатлылығы бойынша дүнья жетекшисине айланыўды мақсет еткен Қытай мәмлекети ҳәзирги ўақытта АҚШ ҳәм Франциядан кейин «ең көп реакторға ийе мәмлекет» болып есапланады.
ӨзА