Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи даўам етпекте.

Мәмлекетимиз басшысы бул санлардың бирде-биреўи 33 жыллық тарийхымызда болмағанын атап өтти.

“Еле имканиятларымыз буннан бир неше есеге көп. Ең әҳмийетлиси, оларды иске қосыўға уқыплы болған сиздей ўатансүйиўши ҳәм жанкүйер исбилерменлеримиз бар. Халқымыз 38 миллионға жақынласып бармақта, олардың дәраматы да күннен-күнге көбеймекте.

Қоңсы мәмлекетлер менен бирге ислесиў байланысларымыз мисли көрилмеген дәрежеге шықты. Мәмлекетимиздиң жергиликли кәрханалары ушын да, сырт ел компаниялары ушын да үлкен базар, региондағы санаат хабына айланып үлгерди”,- деди Президент.

Ҳәзирги аўыр жағдайда барлық мәмлекетлер өз елиндеги ислеп шығарыўшыларды қорғаўды әҳмийетли бағдар сыпатында көрсетип атырғаны атап өтилди. Өзбекстан да бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыўды хошаметлеў бойынша исбилерменлерди және де кеңнен қоллап-қуўатлайды.

ӨзА