Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаўдың таңлаў басқышы усы жыл 27-июль -10-август күнлери болып өтти. Усы мүддет даўамында абитуриентлерге  тест сынақларында топлаған баллынан келип шығып, жоқары билимлендириў мәкемеси, билимлендириў бағдары ҳәм билимлендириў түрин таңлаў имканияты берилди.

Демек, тест сынақлары нәтийжесинен наразы болған абитуриентлер қай тәртипте шағым етиўи мүмкин?

Усы сораў бойынша Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлиги директоры мәсләҳәтшиси Зоҳид Шакаров төмендегилерди айтып өтти.

– Жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат билимлендириў бағдарларына кириў тест сынақлары нәтийжесинен наразы болған абитуриентлер аппеляция арзаларын my.uzbmb.uz сайтында (жеке кабинети арқалы) онлайн тәризде 18-август күнинен 27- август күнине шекем (10 күн даўамында) бериўи мүмкин.

Абитуриент аппеляция шағымын бериўи ушын тест сынағында қатнасқан ҳәм тест сынағынан шетлетилмеген болыўы керек. Аппеляция арзасын берген абитуриентке оны көрип шығыў сәнеси ҳәм ўақыты көрсетилген  хабарландырыў хаты бериледи.

Абитуриент хабарландырыў хатында белгиленген ўақытта шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет ҳәм хабарландырыў хаты менен Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлигине келиўи керек. Аппеляция шағымларын көрип шығыў 2024-жыл 22-август күнинен басланады.

ӨзА