Өзбекстанда биринши мәрте немис тили университети шөлкемлестириледи

605

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов Германия Федеративлик Республикасының Өзбекстан Республикасындағы жаңадан тайынланған Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Манфред Хутерер менен ушырасты.

Тәреплер арасында инженер-техника қәнигелерин таярлаўда өз-ара билимлендириў бағдарламаларын енгизиў, Германия Федеративлик Республикасынан тәжирийбели илимпазларды Өзбекстанға мирәт етиў, әҳмийетли глобал машқалалар шешимине қаратылған өз-ара илимий изертлеў жумысларын әмелге асырыў сыяқлы мәселелер додаланды.

– Мен ушын мәмлекетиңизде елши болып хызмет етиў үлкен мақтаныш,-деди Манфред Хутерер. – Өзбекстанда билимлендириў, илим бағдарларында бир қатар әҳмийетли жумысларды биргеликте әмелге асыратуғынымызға исенемен.

Министр Қ.Шарипов, өз гезегинде Манфред Хутерерди жаңа лаўазымы менен қутлықлап, биргеликтеги тийкарғы ўазыйпаларға айрықша тоқтап өтти.

– Германия бәрқулла биз ушын әҳмийетли шерик болып келген,-деди министр. – Ҳәзирги күнде өз-ара студентлер, профессор-оқытыўшылар алмасыўы бағдарламаларын кеңейтиў, жас илимпазлардың Германияда илимий стажировкаларын шөлкемлестириў әҳмийетли бағдарлардан бири. Сондай-ақ, Германия тәрепи менен Өзбекстан Республикасында биринши немис университетин шөлкемлестириў бойынша сөйлесиўлерди даўам еттириўге таяр екенлигимизди мәлим етемен.

Муҳайё Тошқораева,

ӨзА