Өзбекстан Республикасы Президенти «Өзбекстан Республикасында криптология тараўында билимлендириў ҳәм илимди раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында» қарар қабыллады.
Оған муўапық:
2024-2025-жыллары Өзбекстан Республикасында криптология тараўында билимлендириў ҳәм илимди раўажландырыў бойынша илажлар режеси;
Өзбекстан Республикасында миллий криптология тараўын раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарлары бойынша 2024-2028-жылларға мөлшерленген илимий-изертлеў жумысларының бағдарламасы тастыйықланды.
Бағдарламаға киргизилген темалардың орынланыўы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети тәрепинен өткерилетуғын таңлаўлар тийкарында республиканың тараўлық шөлкемлерин тартқан ҳалда әмелге асырылады.
Бағдарламаға киргизилген темаларды Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Инновациялық раўажланыў агентлигиниң таңлаўлары шеңберинде орынланыўына рухсат бериледи.
Ерисилген илимий нәтийжелер ҳәм ислеп шығылған инновациялық өнимлер Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети қарамағындағы Өзбекстан Республикасының интеллектуаллық мүлки болып есапланады.
Қарарға муўапық, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети жанында республиканың жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери, мәмлекетлик уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлердиң тәжирийбели қәнигелеринен ибарат Криптология тараўында уйымлар аралық эксперт топары шөлкемлестириледи.
Эксперт топарының тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат болады:
мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстағы реал мүтәжликлерди инабатқа алған ҳалда, республикада криптология тараўында әҳмийетли машқалаларды үйрениўге бағышланған илимий-изертлеў темаларын қәлиплестириў;
алдыңғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында криптология тараўына байланыслы илим бағдарламалары, сабақлықлар ҳәм басқа да оқыў материалларына қойылатуғын талапларды ислеп шығыў ҳәм олар бойынша эксперт жуўмақларын бериў;
криптология тараўында миллий стандартлар жойбарларын көрип шығыў ҳәм олардың мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм заманагөй киберқәўипсизлик талапларына сәйкеслиги бойынша жуўмақлар бериў, сондай-ақ, оларды жетилистириў бойынша пикир-усыныслар ислеп шығыў.
Эксперт топары Мәмлекетлик қәўипсизлик жанында турақлы жумыс алып баратуғын уйымлар аралық коллегиал уйым болып есапланады.
ӨзА