Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң жумысын тәртипке салыў тараўындағы айырым нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди тастыйықлаў ҳаққында » қарар қабыл етти.
Оған муўапық, Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Бул реже Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм хаял-қызлар комитетиниң статусы, тийкарғы ўазыйпалары ҳәм функциялары, ҳуқықлары ҳәм жуўапкершилигин, сондай-ақ, жумысын шөлкемлестириў ҳәм есабат бериў тәртибин белгилейди.
Комитет шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў тараўындағы бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизетуғын айрықша статусқа ийе республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымы есапланады ҳәм өз хызметинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине бойсынады. Өз хызметинде Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларына, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қарарларына, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлерине, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарлары ҳәм бийликлерине, усы Режеге ҳәм басқа нызамшылық хүжжетлерине әмел етеди.
Комитет өз жумысын республикалық ҳәм жергиликли атқарыў хәкимияты уйымлары, хожалық бирлеспелери ҳәм басқа шөлкемлер менен биргеликте әмелге асырады. Оның өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл етилген қарарлары мәмлекетлик уйымлар, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, басқа шөлкемлер ҳәм олардың лаўазымлы шахслары, сондай-ақ, пуқаралар тәрепинен орынланыўы мәжбүрий есапланады.
Қарар менен Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети жанындағы юридикалық шахс болмаған Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм хаял-қызлар комитетин раўажландырыў ҳәм хызметкерлерин материаллық хошаметлеў қоры ҳәм усы Қордың режеси де тастыйықланды.
ӨзА