Өзбекстан ҳәм БМШ арасында узақ мүддетли бирге ислесиў беккемленбекте

Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигинде министрдиң биринши орынбасары Обиджан Қудратов ҳәм БМШтың Өзбекстандағы турақлы координаторы Сабина Маҳл арасында ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм жеделлестириўге байланыслы бир қатар мәселелер додаланды. Сондай-ақ, мәмлекетимиз ҳүкимети тәрепинен әмелге асырылып атырған кең көлемли экологиялық реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Климат кеңесиниң дүзилгени, Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети («Green University»), Аралбойында климат технологиялары халықаралық экспо-хабы, сондай-ақ, Өзбекстан қалалары ушын экологиялық турақлылық рейтингиниң жойбары шеңберинде ерисилген нәтийжелер («Uzbekistan’s Green Cities Rating»)ге тоқтап өтилди.

Өзбекстан бойлап қалаларды қоллап-қуўатлайтуғын ҳәм экологиялық таза әмелиятқа тийкарғы әҳмийет бериўши жасыл қала рейтинг системасы сырт ел мийманлары тәрепинен жоқары баҳаланды.
Ушырасыў ўақтында усы жылдың ноябрь айында Баку қаласында болып өтетуғын БМШтың климат өзгериўи бойынша конференциясында Аралбойы регионындағы экологиялық жағдайға бағышланған жәрдемши илаж шөлкемлестириў ҳәм Арал траст фондының 2-басқышы шеңберинде бирге ислесиўди жеделлестириў сыяқлы мәселелер додаланды.
Бакудеги глобал конференция Өзбекстан ушын Арал теңизи мақсетли қоры бойынша өз миннетлемелерин орынлаўы ушын мүнәсип платформаға айланыўы мүмкин екенлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, сырт ел тәреп әмелдеги Бирге ислесиў тийкарлары 2025-жылы жуўмақланатуғынын ҳәм БМШтың Өзбекстандағы мәмлекет топары тәрепинен жаңа тийкарлар ислеп шығылатуғынын мәлим етти.
Министрликке әҳмийетли экологиялық үстинликлердиң интеграциясын тәмийинлеў ушын бирге ислесиўдиң жаңа тийкарларын қәлиплестириўде белсене қатнасыў усыныс етилди.
Ушырасыў жуўмағында климат өзгериўи ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында бирге ислесиўди және де беккемлеў бойынша келисимге ерисилди.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА